Сөйлесиўлерде еки мәмлекет арасындағы мәдений-гуманитарлық байланысларды
буннан былай да раўажландырыў, ҳәзирги бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў
ҳәм перспективалы биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы қатнасықлар айрықша
стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени еки тәреплеме, соның ишинде,
мәденият тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратып
атырғаны атап өтилди.
Өзбекстанда жасап атырған 200 мыңнан аслам этникалық корейс халықлары еки
халық арасындағы дослық ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны
айрықша атап өтилди.
Усы күнлерде
Корея Республикасының Кочхан, Порён, Сеул, Чонджу, Андон ҳәм Сунчхон
қалаларында өткерилип атырған Өзбекстан мәденияты күнлери мәдений алмасыўдың
әмелий үлгиси сыпатында атап өтилди.
Ушырасыўда
мәдений бирге ислесиўди системалы ҳәм турақлы раўажландырыўға қаратылған бир
қатар жаңа басламалар алға қойылды. Атап айтқанда, еки министрликтиң қоспа
мәдений жойбарларын муўапықластырып барыўшы Мәдений бирге ислесиў бойынша
биргеликтеги әмелий жумысшы комитетти шөлкемлестириў усыныс етилди.
Сондай-ақ,
тәреплер "Корея-Орайлық Азия дослық китапханасы" басламасы шеңберинде
Бухарада "Уллы жипек жолы китапханасы"н шөлкемлестириў жойбарын
биргеликте әмелге асырыў мәселесин додалады.
Буннан тысқары,
мәденият ҳәм көркем өнердиң ҳәр қыйлы бағдарларында биргеликтеги жойбарларды
көбейтиў, мәденият ғайраткерлери арасындағы байланысларды кеңейтиў, тәжирийбе
алмасыў ҳәм мәдений алмасыў бағдарламаларын буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли
екени атап өтилди.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер алға қойылған басламаларды әмелге асырыў, мәдений бирге
ислесиўдиң жаңа бағдарларын раўажландырыў, еки мәмлекет дөретиўшилик
топарларының ўәкиллери арасындағы байланысларды буннан былай да беккемлеў
бағдарында бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.
Ерисилген
келисимлер ҳәм усыныс етилген басламалар Өзбекстан ҳәм Корея Республикасы арасындағы
мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў, жаңа қоспа жойбарларды әмелге
асырыў, халықларымыз арасындағы дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеўге
хызмет етиўи күтилмекте.
Еслетип өтемиз,
усы жылдың 14-21-сентябрь күнлери Корея Республикасының Кочхан, Порён, Сеул,
Чонджу, Андон ҳәм Сунчхон қалаларында Өзбекстан мәденияты күнлери өткерилмекте.