Илаж шеңберинде делегация Оман қоршаған орталықты қорғаў басқармасының
баслығы доктор Абдулла бин Али ал-Амри менен ушырасыў өткерди. Онда «Climate Residency» Green University бағдарламасы директоры Шаҳбоз Аҳмедов та
қатнасты.
Өзбекстан тәрепи Президенттиң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология
ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимовтың қызғын
тилеклерин жеткерди ҳәм Оман климат ҳәптелиги жоқары дәрежеде
шөлкемлестирилгени ушын миннетдаршылық билдирди.
Ушырасыўда еки
мәмлекет бир қатар уқсас экологиялық қәўип-қәтерлерге, соның ишинде,
аймақлардың қурғақшылығы, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, экстремал жоқары
температура ҳәм экономиканы декарбонизациялаў зәрүрлигине дус келип атырғаны
атап өтилди. "Оман - 2040" концепциясы ҳәм "Өзбекстан -
2030" стратегиясы бир сораўға - тәбийғый ресурсларды үнемлеген ҳалда
экономикалық өсиўди қалай тәмийинлеўге жуўап табыўға қаратылғаны атап өтилди.
Өзбекстан тәрепи
кейинги жылларда әмелге асырылған реформалар, соның ишинде, қоршаған орталықты
қорғаў тараўында басқарыў системасын күшейтиў, Париж келисими шеңберинде миллий
дәрежеде белгиленетуғын үшинши үлести (NDC) усыныў, 2035-жылға барып жалпы ишки
өнимниң углеродты өзлестириў көлемин 2010-жылғы дәрежеге салыстырғанда 50
процентке қысқартыў ҳәм 2055-жылға барып углерод нейтраллығына ерисиў бойынша
миннетлемелерди қабыл етиў, метан бойынша глобал миннетлемеге қосылыў,
сондай-ақ, 2025-жылы углерод базарының миллий системасын ҳәм Париж келисиминиң
6-статьясын әмелге асырыў механизмлерин жаратыў ҳаққында мағлыўмат берди.
Сондай-ақ,
2026-жыл июнь айында Самарқандта Глобал экологиялық фондтың (ГЭФ) VIII Ассамблеясы
табыслы өткерилгени ҳәм Ташкент халықаралық финанс орайы шөлкемлестирилгени
атап өтилди.
Өзбекстан тәрепи
Оманның суўды душшыландырыў, жер асты суўлары резервлерин толықтырыў ҳәм суў
ресурсларын интеграцияласқан ҳалда басқарыў тараўындағы тәжирийбесине, атап айтқанда,
Дахилия ўәлаятында жер асты суўларынан суўғарыўда пайдаланыў әмелиятына айрықша
қызығыўшылық билдирди.
Тәреплер бирге
ислесиўдиң төрт тийкарғы бағдарын додалады:
суў
технологиялары - суўды душшыландырыў, шор суўлардан пайдаланыў, ақаба суўларды
тазалаў ҳәм олардан қайта пайдаланыў мәселелери бойынша Өзбекстан ҳәм Оман
экспертлери арасында сөйлесиўди жолға қойыў;
Дузға шыдамлы
аўыл хожалығы ҳәм экосистемаларды тиклеў - Оманды Өзбекстанда шөлкемлестирилиўи
режелестирилип атырған Дузға шыдамлы аўыл хожалығы ҳәм климат турақлылығы
Орайлық Азия орайының жумысына тартыў;
жаслар климат
жетекшилиги - Оман жаслар климат платформалары ҳәм «Climate Residency» Green
University бағдарламасы арасында бирге ислесиўди раўажландырыў, биргеликте
изертлеўлер өткериў ҳәм студентлер алмасыўы;
шөллениўге қарсы
гүресиў - Өзбекстанда ерте алдын алыў потенциалына ийе болған қәнигелестирилген
орайды шөлкемлестириўде Оман тәжирийбесинен пайдаланыў.
Буннан тысқары,
Оман 2027-жыл 15-17-июнь күнлери Ташкентте болып өтетуғын «Eco Expo Central
Asia 2027» көргизбесинде қатнасыўға мирәт етилди. Көргизбе "жасыл"
қаржыландырыў, экотуризм, таза технологиялар, экологиялық билимлендириў,
тоғайларды қайта тиклеў, жасыл транспорт, қайта тикленетуғын энергетика сыяқлы
бағдарларды қамтып алады.
Ушырасыўда
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Оманға сапары еки тәреплеме қатнасықлардың
раўажланыўында әҳмийетли басқыш болатуғыны, қоршаған орталықты қорғаў тараўында
бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылыўы Өзбекстан - Оман бирге ислесиўин
биргеликтеги жойбарларды әмелий жүзеге шығарыў дәрежесине алып шығыўға хызмет
ететуғыны атап өтилди.