Илажда мәмлекетлик структуралар ҳәм бизнес жәмийетшилигиниң 300 ден аслам
ўәкили, соның ишинде, еки мәмлекеттиң жетекши қаржы мәкемелери, ири санаат
кәрханалары ҳәм саўда компанияларының басшылары қатнаспақта.
Корея бизнесине “Lotte
Chemical”, “Hyundai Motor Group”, “Samsung C&T”, “CJ Group”, “Shinhan
Financial Group”, “Hyundai Rotem”, “KIND”, “BOMI”, “Kia Corporation”, “Sampyo
Group”, “Hansae Mobility” сыяқлы
компаниялар ўәкиллик етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Корея Өзбекстанның
ўақыт пенен сыналған досты ҳәм айрықша стратегиялық шериги екенин,
саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў көп қырлы Өзбекстан - Корея
бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарларынан бири екенин атап өтти.
Кореяның жетекши
компанияларының табыслы жумысы ҳәм Өзбекстан экономикасының раўажланыўына қосып
атырған үлкен үлеси атап өтилди.
Бүгин Өзбекстан
индустриал ҳәм технологиялық раўажланыўдың жаңа басқышын баслап, өз-ара саўда,
инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыў
ушын кең перспективалар пайда болмақта.
Мәмлекетимиз
басшысы Өзбекстанның ресурс базасы, Кореяның алдынғы технологиялары ҳәм еки
мәмлекет компанияларының инвестициялық капиталын бирлестириў, соль тийкарда
жаңа экономикалық өсиў ноқатларын жаратыўды усыныс етти.
Президентимиз
келешектеги экономикалық шерикликтиң әҳмийетли бағдарларын көрсетип өтти.
Санаат кооперациясы ҳәм толық өндирис шынжырларын қәлиплестириў, энергетика ҳәм
"жасыл" экономика, транспорт ҳәм заманагөй инфраструктура, санластырыў
ҳәм жасалма интеллект, ярымөткизгишлер ҳәм микроэлектроника, биотехнологиялар
ҳәм фармацевтика, қоспа изертлеўлер өткериў, алдыңғы технологияларды енгизиў
ҳәм кадрлар таярлаў ҳәм басқалар усылардың қатарына киреди.
Корея
компаниялары мысты қайта ислеў, электротехника үскенелерин ислеп шығарыў,
автомобиль қурылысы ҳәм электромобиль санааты ушын комплектлеўши бөлеклерди
локализациялаў, робототехника ҳәм автоматластырыў, биотехнология ҳәм
фармацевтика, гидроэнергетика, энергия сақлаў системалары, энергетика
тармақларын модернизациялаў, транспорт ҳәм қала инфраструктурасын раўажландырыў
жойбарларына мирәт етилди.
Санаат-технологиялық
бирге ислесиўди тереңлестириўдиң әмелий механизми сыпатында Өзбекстан - Корея
санаат-технология альянсын қәлиплестириў усыныс етилди.
Өзбекстан
жетекшиси буннан былай да мәмлекетимизде Корея бизнесиниң жумысы ушын қолайлы
шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, қоспа жойбарларды әмелге асырыўда әмелий жәрдем
бериўге таяр екенин билдирди.