Техникум Қытайдың BYD, Chery ҳәм JAC сыяқлы ири автомобиль ислеп шығарыўшыларының талапларынан келип шығып, орта буўын қәнигелерин таярлайды.

Оқыўшылар ушын кәрханаларда өндирислик әмелият өтеў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ:

Қытайда жергиликли педагоглардың қәнигелигин арттырыў шөлкемлестириледи;

билимлендириў процесине жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери тартылады;

оқытыў күндизги, кешки ҳәм дуал түрде төлемли-контракт тийкарында әмелге асырылады;

питкериўшилерге Өзбекстанда тән алынатуғын кәсиплик билимлендириў бойынша диплом ҳәм халықаралық сертификатлар бериледи.