Форум бағдарламасынан салтанатлы ашылыў мәресими, жалпы мәжилислер,
тематикалық медиа-көргизбелер, баспасөз брифинглери ҳәм еки тәреплеме
ушырасыўлар орын алған.
Сессиялар шеңберинде ҳүжжетли кино ҳәм тарийхый естелик, баспа
жойбарлары, заманагөй технологиялар, медиа тараўында халықаралық жойбарларды
раўажландырыў мәселелери додаланады.
Буннан тысқары,
Өзбекстан студентлери ушын жәҳән медиа индустриясының жетекши қәнигелериниң
қатнасыўында шеберлик сабақлары шөлкемлестириледи. Қатнасыўшылар заманагөй
журналистика, медиа өнимлер жаратыў, халықаралық мәлимлеме мәканында нәтийжели
жумыс алып барыў бағдарында өз-ара тәжирийбе алмасады.
27-август күни
форум қатнасыўшыларының Самарқандқа сапары шөлкемлестириледи. Бағдарлама
шеңберинде мийманлар Имам Бухарий комплексине барып, қаланың тарийхый-мәдений
мийрасы менен танысады. Сондай-ақ, Ташкентте сырт ел ғалаба хабар қуралларының
ўәкиллери ушын арнаўлы медиатур өткерилиўи режелестирилген.
28-август күни
форум жуўмақлаўшы жалпы мәжилис ҳәм салтанатлы жабылыў мәресими менен
жуўмақланады. Сырт елли мийманлар Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик
ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына бағышланған илажларда да қатнасады.