БМШ Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң мағлыўматларына бола, ҳәзирги ўақытта дүнья бойынша 645 миллионнан аслам адам ашлықтан қыйналмақта. Халықаралық экспертлердиң атап өтиўинше, тийисли илажлар көрилмесе, 2028-жылы бул сан 1 миллиардқа жетиўи мүмкин.
Өзбекстан азық-аўқат жетистириў, соның ишинде, овощ жетистириў ушын үлкен тәбийғый ҳәм экономикалық потенциалға ийе екенин атап өтиў керек. Қолайлы климат, дийқаншылық дәстүрлери, үлкен ишки базар, мийнет ресурслары, бир жылда еки-үш мәрте өним алыў имканияты елимиздиң бул тараўдағы тәбийғый үстинлигин белгилейди. Нәтийжелер де салмақлы.
Миллий статистика комитетиниң дәслепки мағлыўматларына бола, 2025-жылы республикада барлық категориядағы хожалықлар тәрепинен 13,7 миллион тонна овощ жетистирилди. Бул 2024-жылдағыға салыстырғанда 1,2 процент көп. 2026-жылдың биринши шерегинде болса ыссыханалардың өзинен 102 мың тонна овощ алынып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 29 процентке өсиў атап өтилди. Бул санлар тармақта өсиў бар екенлигин көрсетеди.
Бирақ енди мәселени тек жалпы өним көзқарасынан баҳалаў жетерли ме? Егер өндирис көлеми жыл сайын артып баратырған болса, неге бир гектардан алынатуғын сап дәрамат, өнимниң өзине түсер баҳасы, суўдың нәтийжелилиги, сақлаўдағы жоғалтыўлар ҳәм кепилленген сатыў дәрежеси де тармақ нәтийжелилигиниң тийкарғы өлшемлерине айланбаўы керек?
Тийкарында овощ жетистириўдиң кейинги раўажланыў басқышы әйне усы сораўға берилген жуўапқа байланыслы. Өнимниң көбейиўи еле нәтийжелиликти аңлатпайды. Аўыл хожалығында узақ жыллар "қанша гектарға егилди?" ҳәм "қанша тонна өним алынды?" деген көрсеткишлерге тийкарғы әҳмийет берилди. Бул санлар, әлбетте, керек.
Бирақ фермер көз қарасынан нәтийжениң басқа өлшеми де бар: өним қандай өзине түсер баҳада жетистирилген? Оның қанша бөлеги сатылды? Қаншасы сақлаў ямаса тасыў процесинде жоғалды? Мәўсим жуўмағында ислеп шығарыўшының қолында қанша сап дәрамат қалды?
Мәселен, өним 20 процент көбейип, базар баҳасы 30 процент төменлесе, статистикада өсиў белгиленеди, бирақ фермердиң экономикалық жағдайы жақсыланбаўы мүмкин. Сол себепли овощ жетистириўде "көбирек жетистириў" моделинен "нәтийжели ҳәм дәраматлы жетистириў" моделине өтиў ўақты келди. Буның ушын болса өндирис базасының бир неше тийкарғы буўынлары бир ўақыттың өзинде беккемлениўи керек.
Өним туқымнан басланады
Овощ жетистириўдиң биринши тийкары - сапалы туқым. Жоқары зүрәәтли, жергиликли климат шараятына сәйкес, кеселлик ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы сорт фермер ушын ҳәр қандай технологиядан алдын тийкарғы фактор болып есапланады.
Картошка жетистириў мысалында алатуғын болсақ, бул мәселениң қаншелли әҳмийетли екенин көриў мүмкин. 2023-жылғы рәсмий таллаўда тараўдағы орташа өнимдарлықтың төменлиги, элита ҳәм жоқары репродукциялы туқымнан пайдаланыў имканиятларының шекленгени, жоқары сапалы туқымлық картошка жетистириў ушын майдан, ыссыхана ҳәм сақлаў қуўатлықларының жетиспеўшилиги, айырым кеселликлерди анықлаў ушын лаборатория базасын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилген еди.
Соңғы жыллары туқымның сапасын қадағалаў ҳәм санластырыў бойынша белгили жумыслар исленди. Соның ишинде, 2026-жылдың биринши шерегинде туқым ҳәм нәллерге 3 миллион 750 мыңнан аслам санлы QR кодлы жарлық берилген. Соннан 616 мыңнан асламы овощ ҳәм палыз егинлери туқымларының үлесине туўра келеди. Бул әҳмийетли қәдем, бирақ сапаны қадағалаўдың өзи жетерли емес.
Кейинги ўазыйпа - жергиликли селекция ҳәм туқымгершиликтиң базардағы реал үлесин арттырыў. Илимий мәкеме, туқымгершилик хожалығы ҳәм фермер арасындағы шынжыр нәтийже бериўи керек. Тийкарғы овощ түрлери бойынша жергиликли шараятқа сәйкес сортлардың үлеси, олардың өнимдарлығы ҳәм ислеп шығарыўшы ушын экономикалық нәтийжеси ашық баҳаланыўы мақсетке муўапық.
Екинши мәселе - суў. Климат өзгериўи ҳәм суў ресурсларына басым күшейип баратырған бир ўақытта овощ жетистириўди тек ғана майданды кеңейтиў есабынан раўажландырыў имканияты шекленген. Соның ушын тамшылатып суўғарыў, топырақ ығаллығын анық есаплаў, суў менен азықландырыўды үйлестириў, заманагөй агротехника ҳәм санлы мониторинг енди айрықша алдыңғы тәжирийбе емес, тармақтың экономикалық зәрүрлигине айланыўы керек.
Бирақ фермерге "суўды үнемлейтуғын технологияны енгиз" деп айтыўдың өзи жетерли емес. Оған технологияны таңлаў, орнатыў ҳәм нәтийжели ислетиў ушын агрономлық ҳәм техникалық хызмет керек. Әсиресе, киши фермер ҳәм дийқан хожалығы ҳәр бир мәселе бойынша өз алдына қәниге жаллаў имканиятына ийе емес. Усы жерде агросервис системасының сапасы шешиўши әҳмийетке ийе.
Илим лабораторияда емес, атызда ислеўи керек
Овощ жетистириў бүгин барған сайын илим талап ететуғын тармаққа айланбақта. Топырақ қурамы, туқым таңлаў, төгин нормасы, суў бериў ўақты, зыянкес ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў, зүрәәтти жыйнаў мүддети - булардың ҳәр бири жуўмақлаўшы өзине түсер баҳасына тәсир етеди.
Сонлықтан, ҳәр бир овощ жетистириўге қәнигелескен районда фермер пайдаланыўы мүмкин болған әмелий агросервис пункти болыўы мақсетке муўапық. Буның ушын жаңа бюрократиялық уйым шөлкемлестириў шәрт емес. Илимий мәкемелер, агрохызмет орайлары ҳәм лабораториялардың имканиятларын бирлестириў мүмкин.
Базар сигналы фермерге егиўден алдын жетип барыўы шәрт
Овощ жетистириўдеги ең аўыр системалы мәселелерден бири - өндирис пенен базар талабы арасындағы мәлимлеме үзилиўи. Фермер быйыл не егиў ҳаққында қарар қабыл еткенде, көп жағдайларда өткен мәўсимдеги баҳа, жеке тәжирийбе ямаса әтираптағылардың таңлаўына сүйенеди.
Өткен жылы бир өним жақсы дәрамат берген болса, кейинги мәўсимде оны жетистириўге қызығыўшылық кескин артыўы мүмкин. Көплеп ислеп шығарыўшылар бирдей қарар қабыл етсе, өним пискенде усыныс көбейип, баҳа төменлейди. Келеси жылы болса керисинше процесс бақланыўы мүмкин.
Бул жағдай базар экономикасының тәбийий бөлеги. Бирақ тез бузылатуғын азық-аўқат өнимлеринде информация кешигиўиниң баҳасы жүдә қымбат: фермер зыян көреди, өним набыт болады, тутыныўшы болса баҳа тербелисин сезеди.
Усы мәниде, 2026-жыл май айында азық-аўқат қәўипсизлиги мәселелери бойынша өткерилген рәсмий мәжилисте тийисли уйымлар арасында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмегени ҳәм өнимди жетистириўден тутыныўшыға шекем бақлап барыў системасы толық жолға қойылмағаны атап өтилди. Демек, машқала мағлыўмат жоқлығында емес, ал мағлыўматтың тарқалғанлығы ҳәм фермер қарары өз ўақтында айланбағанлығында.
Буның әмелий шешими бар. Аўыл хожалығы министрлиги статистика, аймақлық өндирис режелери, қайта ислеў кәрханаларының талабы, резерв ҳәм саўда мағлыўматларын бирлестирип, ҳәр мәўсим алдынан картошка, пияз, гешир, помидор ҳәм басқа да тийкарғы 5-7 өним бойынша ашық талап ҳәм усыныс прогнозын жәриялаўы мүмкин.
Бул режели экономикаға қайтыў емес. Мәмлекет фермерге "соны егесең", демейди. Ол "мына өним бойынша күтилип атырған талап, бар майдан, қайта ислеў зәрүрлиги ҳәм базар қәўипи сондай" деген мағлыўматты усынады. Қарарды фермердиң өзи болжаўға емес, мағлыўматқа сүйенип қабыл етеди.
Қоймахана бар. Бирақ фермер оннан пайдалана ала ма? Зүрәәтти жетистириў - жумыстың ярымы. Оны сайлап алыў, суўытыў, сақлаў, қадақлаў, қайта ислеў ҳәм өз ўақтында сатыў имканияты болмаса, мол өним де жоқары дәраматты кепиллемейди. 2026-жыл 12-май жағдайына бола, мәмлекетте 1,5 миллион тонна сыйымлылыққа ийе сақлаў қоймаханалары ҳәм 3,5 миллион тонна өнимди қайта ислеў қуўатлылығы бар. 2026-жыл июльде болса жылдың ақырына шекем жәми 87 мың тонна сыйымлылықтағы және 340 суўытқыш қоймаханасын иске қосыў ўазыйпасы белгиленди. Бул - үлкен ресурс.
Енди тийкарғы сораў: оның қаншасы нәтийжели ислеп атыр? Қайсы районда қандай қоймахана бар? Оның бос қуўатлылығы қанша? Қайсы өнимди қандай температурада сақлаў мүмкин? Хызмет баҳасы қанша? Қайсы қайта ислеў кәрханасына қандай шийки зат керек?
Усы мағлыўматларды қамтып алған бирден-бир ашық электрон карта фермер ушын жаңа қоймахана қурыўдан кем әҳмийетке ийе емес. Нәтийжени баҳалаўда да "қанша қуўат жаратылды?" деген сораў менен шекленип қалмастан, "қуўатлылықтың неше проценти жумсалды ҳәм қанша өним шығынының алды алынды?" деген нормаға өтиў зәрүр.
Қағазда контракт емес, әмелде кепиллик болсын
Өндиристи турақластырыўдың және бир қуралы - шәртнамалық жетистириў. Фермер мәўсим басланыўынан алдын қайта ислеўши кәрхана, экспортшы ямаса саўда тармағы менен өнимниң түри, көлеми, сапасы ҳәм сатып алыў шәртлерин келисип алса, оның тәўекелшилиги азаяды. Қарыйдар болса келеси шийки зат көлемин алдыннан режелестиреди. Бирақ бул механизмниң ислеўи ушын шәртнама еки тәреп ушын да ҳақыйқый кепиллик болыўы шәрт.
Усы мақсетте тийкарғы овощ түрлери ушын әпиўайыластырылған үлги контрактлер, өнимди қабыл етпеў ямаса жеткерип бермеў жағдайларында оператив келиспеўшиликлерди шешиў тәртиби, сондай-ақ, қамсызландырыў ҳәм бираз алдыннан қаржыландырыў механизмлерин кеңнен қолланыў мүмкин. Бул фермерге "зүрәәтти қай жерге сатаман?" деген сораўды егиўден кейин емес, оннан алдын шешиў имканиятын береди.
Турақлы раўажланыў мақсетлери көзқарасынан да тийкарғы өлшем - фермер дәраматы. Бул мәселе Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) менен тиккелей байланыслы. Өзбекстанның 2030-жылға шекемги миллий ТРМ ўазыйпаларында екинши мақсет азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў ҳәм аўыл хожалығының турақлы раўажланыўына жәрдемлесиў сыпатында белгиленген.
Онда, сондай-ақ, 2030-жылға шекем азық-аўқат жетистириў нәтийжелилиги менен бирге ислеп шығарыўшылар дәраматын арттырыў, турақлы өндирис системаларын енгизиў, аўыл хожалығы егинлери туқымларының генетикалық ҳәр түрлилигин сақлаў, ишки базарға өним жеткерип бериўди системалы мониторинг етиў де белгиленген. Демек, ТРМ көзқарасынан да нәтийжени тек тонна менен өлшеў жетерли емес.
Фермердиң дәраматы қаншаға артты? Бир гектардан қанша сап пайда алынды? Бир тонна өним ушын қанша суў жумсалды? Зүрәәттиң қанша бөлеги сақлаў ҳәм тасыў процесинде жоқ етилди? Қанша бөлеги қайта исленип, қосымша қун жаратты? Мине усы көрсеткишлер овощ жетистириўдиң ҳақыйқый турақлылығын жақсырақ көрсетеди.
Жети әмелий қәдем
Тараўдағы машқалаларды шешиў ушын жаңа ири уйым дүзиў ямаса ҳәкимшилик режелестириўди тиклеў шәрт емес. Бар структура ҳәм мағлыўматларды бирден-бир нәтийжеге бағдарлаўдың өзи үлкен өзгерис бериўи мүмкин.
Бириншиден, овощ жетистириўге қәнигелескен ҳәр бир аймақ ушын өндирис паспортын қәлиплестириў зәрүр. Атап айтқанда, жер ҳәм суў имканияты, тийкарғы егинлер, орташа өнимдарлық, туқымға талап, қоймахана, қайта ислеў ҳәм сатыў каналлары бирден-бир ҳүжжетте көрсетилиўи керек.
Екиншиден, тийкарғы 5-7 өним бойынша егис мәўсими алдынан талап-усыныс прогнозын ашық жәриялаў. Буның ушын жаңа статистика жыйнаў емес, уйымлардың бар мағлыўматын бирлестириў жеткиликли.
Үшиншиден, жергиликли селекция ҳәм туқымгершилик бойынша анық нәтийже нормаларын белгилеў: сертификатланған туқым менен қамтып алыў, өнимдарлыққа тәсир ҳәм фермердиң өзине түсер баҳасындағы өзгерис.
Төртиншиден, қәнигелескен районлардағы мәкемелер кесиминде фермерге топырақ, суў, азықландырыў ҳәм өсимликлер кеселликлери бойынша оператив хызмет көрсететуғын агрохызмет шақапшаларын көбейтиў.
Бесиншиден, сақлаў қоймаханалары ҳәм қайта ислеў кәрханаларының жайласыўы, бос қуўатлылығы ҳәм хызмет шәртлерин көрсететуғын ашық электрон базаны иске қосыў.
Алтыншыдан, қайта ислеўши ҳәм саўда тармақлары менен контракт тийкарында жетистириў үлесин арттырыў, үлги шәртнама ҳәм келиспеўшиликлерди жедел шешиў механизмин енгизиў.
Жетиншиден, аймақ ҳәм тармақ басшыларының жумысын тек ғана жалпы өним менен емес, өнимдарлық, өзине түсер баҳасы, фермердиң сап дәраматы, өним жоғалтыўы ҳәм суўдың нәтийжелилиги бойынша да баҳалаў.
Бул усыныслардың әҳмийетли тәрепи сонда, олар үлкен ҳәкимшилик реформа емес, ал бар системаның ислеў логикасын өзгертиўге қаратылған.
Тийкарғы мақсет - турақлы нәтийже
Өзбекстанда овощ жетистириў ушын имканият үлкен. Мәселе енди бул потенциалдың бар екенлигин дәлиллеўде емес, ал оны турақлы дәрамат ҳәм бәсекиге шыдамлы өндириске айландырыўда. Буның ушын сапалы жергиликли туқым зәрүр. Суўдан үнемли пайдаланыў керек. Илим ҳәм агросервис фермерге жетип барыўы керек. Фермер егин егиўден алдын базар талабын билиўи шәрт. Қалаберди, жетистирилген өнимди сақлаў ҳәм қайта ислеў системасы ислеп турыўы керек.
Ең әҳмийетлиси, тараўдың табысы "қанша тонна зүрәәт алдық?" деген жалғыз сораў менен емес, "фермер қанша дәрамат алды ҳәм усы нәтийжени келеси жылы да тәкирарлай ала ма?" деген норма менен баҳаланыўы керек. Сонда овощ жетистириўдеги өсиў санлардағы мәўсимлик нәтийже болып қалмайды. Ол туқымнан базарға шекемги тутас шынжырға, фермер мәпине ҳәм заманагөй технологияға сүйенген турақлы системаға айланады.
Жаҳонгир ИСАЕВ,
"Турақлы раўажланыў орайы" МКШ бөлим баслығы