Нызам экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде пуқаралар ҳәм
исбилерменлик субъектлери ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға, пуқаралар
ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўда усы
судлардың ролин және де күшейтиўге қаратылған жаңа ҳуқықый институтларды
енгизиў шеңберинде қабыл етилди.
Нызам менен Жынаят-процессуаллық кодексине, Экономикалық процессуаллық
кодексине ҳәм "Судлар ҳаққында"ғы нызамға экономикалық судлардың
ҳәкимшилик басқарыў системасын әпиўайыластырыў ҳәм олардың нәтийжелилигин
арттырыўға қаратылған өзгерислер киргизилмекте.
Сондай-ақ,
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ҳәкимшилик суд тәрепинен
келиспеўшиликлерди шешиў процесинде ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы
ислерди көрип шығыў тәртибин белгилеўши норма көринисинде қосымша киргизилди.
Буннан тысқары,
мәмлекет аймағынан тысқарыда юрисдикцияны енгизиў мақсетинде
Ҳәкимшилик-процессуаллық ҳуқық кодексине ҳәм Экономикалық процессуаллық
кодекске өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Соның менен
бирге, ҳәкимшилик суд мәжилисинде мәмлекетлик уйымның лаўазымлы шахсы ямаса
оның ўәкили мәжбүрий қатнасыўы тәртибин, исенимди ҳуқықый қорғаў ҳәм дәслепки
тыңлаўды шөлкемлестириў принципин енгизиў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ,
"Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамда төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында
ис қозғатылыўы мүнәсибети менен қарыздарға қойылған басқа талаплар көрип
шығылмаған, сондай-ақ, дәслепки тыңлаў нәтийжелерине бола арза көрип
шығылмастан бас тартылған жағдайларда төленген мәмлекетлик бажыны қайтарыў
нәзерде тутылған.
Бул нызам
пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң судларға мүрәжат етиўи ушын және де
қолайлы шараятлар жаратыўға, судлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыўға,
мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд
қадағалаўын орнатыўға хызмет етеди.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 14.08.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».