Бүгин күндиз жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қарақалпақстан Республикасында айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 34-39°, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 40-42° ға шекем болады.
"Өзгидромет"тиң хабар бериўинше, пайтахтта жаўын-шашын
болмайды. Самалдың тезлиги 3-8 м/с, 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, айырым
жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы мүмкин. Температура 35-37°.
Таўлы аймақларда жаўын-шашын болмайды. Самалдың тезлиги 7-12 м/с, айырым
жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура 26-31°.