Сенаттың 18-жалпы мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым
нызам ҳүжжетлерине исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлерин күшейтиўге
ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириўге
қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.
Республикамызда исбилерменлик субъектлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў,
исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, олардың ҳуқықлары менен
нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Соның менен
бирге, исбилерменлик субъектлериниң нәтийжели жумыс алып барыўы ушын қосымша
кепилликлерди, сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм
механизмлериниң ҳуқықый тийкарларын нызамшылық дәрежесинде белгилеў зәрүрлиги
пайда болмақта.
Нызам менен
"Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында"ғы нызамға
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўда исбилерменлердиң
қатнасыў кепилликлерин белгилеўши жаңа норма киргизилмекте.
Атап айтқанда,
исбилерменлик субъектлерине жаңа миннетлемелер, талаплар, қадаған етиўлер,
жуўапкершилик ямаса басқа да шеклеўлерди жүклеўди нәзерде тутатуғын
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары ҳәм тәртипке салыў тәсирин баҳалаў
ҳаққындағы есабатлар тиккелей исбилерменлик субъектлери ҳәм олардың
бирлеспелери қатнасыўында додаланатуғыны белгиленбекте.
Буннан тысқары,
жасыл технологиялар, туризм, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, социаллық
исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инженерлик-коммуникация тармақларына
жалғаныў, экономикалық-социаллық әҳмийетке ийе ҳәм инновациялық жойбарларды
мәмлекетлик грантлар тийкарында қаржыландырыў ушын субсидиялар бериўдиң ҳуқықый
тийкарлары жетилистирилмекте.
Сенаторлардың
пикиринше, нызам исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаўға,
исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлерин буннан былай да кеңейтиўге,
исбилерменлерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў илажларының ҳуқықый
тийкарларын беккемлеўге хызмет етеди.
Додалаў
жуўмақлары бойынша Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.