Олий Мажлис Сенатының 18-жалпы мәжилисинде "Халықаралық санлы
технологиялар орайы ҳаққында"ғы Конституциялық нызам додаланды.
Онда бул Конституциялық нызам Сенаттың 17-жалпы мәжилисинде көрип
шығылып, нызамшылық палатасына жетилистириў бойынша усыныслар менен жиберилгени
атап өтилди. Сенаторлар ҳәм Нызамшылық палатасының депутатларынан ибарат
келисим комиссиясы тәрепинен мәпдар мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери
қатнасыўында нызам қайта исленди.
Конституциялық
нызам инглис ҳуқықы принциплери тийкарында республикамыздағы IТ-парк аймағында жумыс алып барып
атырған «Enterprise Uzbekistan» халықаралық санлы технологиялар орайының
ҳуқықый тийкарын жаратады.
Конституциялық
нызамға муўапық, Орайды шөлкемлестириў, оның жумысын жолға қойыў, шегараларын
өзгертиў, оны стратегиялық басқарыў, тийкарғы лаўазымлы шахсларды тайынлаў ҳәм
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ўәкилликлерине тиккелей байланыслы болған
басқа да мәселелер ол тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында
әмелге асырылады.
Сондай-ақ, еркин салық ҳәм бажыхана режимин енгизиў, белгили бир жумыс түрлери ушын салық жеңилликлерин бериў, үскене, технология ҳәм материалларды импорт етиўдиң әпиўайыластырылған тәртибин енгизиў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары,
Орай қатнасыўшыларын қоллап-қуўатлаў механизмлерин жаратыў, яғный дизимнен
өткериў ҳәм басқарыўдың бирден-бир айнасын жаратыў, интеллектуаллық мүлк ҳәм
инвестицияларды қорғаў кепилликлерин енгизиў нәзерде тутылмақта.
Орайдың жумысы
нәтийжесинде 2030-жылға шекем мәмлекетимизде санлы хызметлер экспортын 5
миллиард АҚШ долларына жеткериў, экономикада 300 мыңнан аслам жоқары дәраматлы
жаңа жумыс орынларын жаратыў, көплеген қәбилетли жасларды Ўатанымызда дүнья
дәрежесиндеги мийнет ҳақы менен тәмийинлеў ушын беккем тийкар жаратылады.
Нызамның қабыл
етилиўи сырт елли инвесторлардың меншик ҳәм интеллектуаллық ҳуқықларын
халықаралық стандартлар дәрежесинде кепиллеўге ҳуқықый тийкар жаратады ҳәм
нәтийжеде “Apple”, “Google”, “Microsoft” ҳәм “Amazon” сыяқлы дүньяның ең ири
трансмиллий IT-гигантларының тиккелей базарымызға кирип келиўине имканият
жаратады.
Сенаторлардың
пикиринше, конституциялық нызам IT тараўының жалпы ишки өнимдеги үлесин
арттырыўға, санлы тараўға тиккелей сырт ел инвестицияларының көлемин
арттырыўға, санлы технологиялар тараўында жаңа жумыс орынларын жаратыўға ҳәм IT
хызметлериниң экспорт көлемин арттырыўға хызмет етеди.
Додалаў
жуўмақлары бойынша Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.