Администрацияның мәмлекетимиз басшысының пәрманлары, қарарлары,
бийликлери ҳәм тапсырмалары орынланыўын шөлкемлестириў бойынша әмелдеги
ўәкилликлери шеңбериндеги жумысын нызамшылық тийкарында тәртипке салыў
Президентлик институтының ҳуқықый тийкарларын беккемлейди. Халықаралық
әмелиятта Президент жумысын тәмийинлейтуғын институттың ҳуқықый статусын нызам
дәрежесинде беккемлеў Президент басқарыўының институционаллық стандарты болып
есапланады.
Нызам 4 бап ҳәм
34 статьядан ибарат болып, Администрацияның әмелдеги ўәкилликлери шеңберинде
Президент жумысын тәмийинлеўдиң конституциялық механизмлери нызамда ҳуқықый
жақтан рәсмийлестирилди. Атап айтқанда:
- Администрация
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ўәкилликлерин шөлкемлестириў, ҳуқықый ҳәм
аналитикалық жақтан әмелге асырыўды тәмийинлейтуғын мәмлекетлик уйым сыпатында
белгиленди;
- Администрация
Президент тәрепинен дүзиледи, ол белгилеген тийкарғы бағдарлар бойынша жумыс
алып барады, Президентке тиккелей бойсынады ҳәм есап береди.
Нызам менен Администрацияның
тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:
- Өзбекстан
Республикасы Президентиниң конституциялық ўәкилликлерин әмелге асырыўды
шөлкемлестириўшилик, ҳуқықый ҳәм аналитикалық жақтан тәмийинлеў;
- Президент
пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлериниң, сондай-ақ, тапсырмаларының жойбарларын
таярлаў, олардың орынланыўын шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў, әмелге асырылыўына
көмеклесиў;
- мәмлекетти
социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий раўажландырыў мәселелери бойынша
Президенттиң жаңа басламаларын ислеп шығыў;
- халық ҳәм
исбилерменлер менен ашық ҳәм тиккелей сөйлесиўди шөлкемлестириў, оларды қыйнап
атырған мәселелер бойынша шешимлер ислеп шығыў;
- нызамларды қол
қойыў ямаса қайтарыў ушын таярлаў;
- Президенттиң Олий
Мажлиске Мүрәжатын таярлаўды шөлкемлестириў;
- Президентке
тиккелей бойсынатуғын ҳәм есап беретуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң
жумысын муўапықластырыў ҳәм басқалар.
Буннан тысқары,
нызам менен Администрация басшысының ҳуқықый статусы ҳәм ўазыйпалары,
Администрацияның басшы хызметкерлери ҳәм лаўазымлы шахсларын лаўазымға тайынлаў
ҳәм лаўазымынан азат етиўге байланыслы нормалар белгиленди, Президент жанындағы
Қәўипсизлик кеңесиниң жумысын шөлкемлестириўдиң ҳуқықый тийкарлары жаратылды.
Президенттиң
жумысын тәмийинлеў шеңберинде Администрация парламент, ҳүкимет, министрликлер
ҳәм уйымлар, жергиликли ҳәкимликлер, суд ҳәкимияты уйымлары ҳәм судьялар жәмийетшилиги
менен бирге ислеседи.
Администрация
Президентке тиккелей бойсынатуғын мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырады,
оларды жетилистириў бойынша усыныслар таярлайды ҳәм Президентке киргизеди.
Сондай-ақ, Администрация
хызметкерлерин хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында социаллық, экономикалық ҳәм
ҳуқықый жақтан қорғаў илажлары нәзерде тутылған.
Президент
Администрациясы ҳаққындағы конституциялық нызамның қабыл етилиўи Жаңа
Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў, халықтың абаданлығын арттырыў, мәмлекетлик
уйымларды халық ушын хызмет ететуғын ашық ҳәм есап бериўши системаға
айландырыў, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге
қаратылған реформаларды жаңа басқышқа көтериўге хызмет етеди.