Оның әҳмийети тек ғана қабыл етилген мүрәжатлар ямаса билдирилген усыныслар саны менен белгиленбейди. Тийкарғы нәтийже салық салыў, кредитлеў, жер ҳәм инфраструктурадан пайдаланыў, экспортты қоллап-қуўатлаў, хызметлерди санластырыў ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў тараўларында айрықша тосқынлықларды сапластырыўдан бизнес жүргизиў қағыйдаларын системалы түрде өзгертиўге өтилгенинде көринди.

Өткерилген бес ашық сөйлесиўдиң логикалық избе-излиги олардың динамикасында айқын көринеди. 2021-жылдағы биринши сөйлесиў коронавирус пандемиясынан кейинги ең әҳмийетли шеклеўлерди сапластырыў ҳәм мәмлекет пенен жеке меншик сектор арасындағы исенимди тиклеўге қаратылды.

Екинши сөйлесиўде бизнес ҳәм аймақларды категорияларға ажыратқан ҳалда қоллап-қуўатлаў көзқарасы енгизилди.

Үшинши сөйлесиўде компаниялардың өсиўи, яғный микро бизнестен киши бизнеске, киши бизнестен орта ҳәм ири бизнеске өтиўи ушын шараят жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Төртинши сөйлесиў капитал, жер, энергия ресурслары ҳәм базарларға кириў имканиятларын кеңейтиўге қаратылды.

Бесинши сөйлесиўде исбилерменлик жумысын легалластырыў, санлы финанслық хызметлер, салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў, стартапларды раўажландырыў ҳәм инвестицияларды қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Исбилерменлик тараўындағы көрсеткишлер тек ғана ҳәр жылғы ашық сөйлесиўлер емес, ал экономикалық реформалардың улыўма нәтийжеси екенин есапқа алыў әҳмийетли. Соның менен бирге, ашық сөйлесиўлер бизнеске байланыслы машқалалар анық қарарларға айландырылатуғын, кейинги ушырасыўда болса олардың әмелдеги орынланыўы баҳаланатуғын майданға айланды.

2026-жыл августта өткерилиўи күтилип атырған алтыншы ашықтан-ашық сөйлесиў алдынан мәмлекетимиздеги бизнес орталығы бул процесс басланған дәўирге салыстырғанда түп-тийкарынан өзгерген.

2021-жыл: биринши ашық сөйлесиў

Биринши ашықтан-ашық сөйлесиў 2021-жыл 20-август күни болып өткен еди. Бул ўақытқа келип, исбилерменлик пандемияның қыйын дәўиринен шығып атырған еди. Бизнес ушын финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятын кеңейтиў, салық системасын турақластырыў, экспорт процесслерин әпиўайыластырыў, мүлк ҳуқықын қорғаў ҳәм ҳәкимшилик басымды азайтыў әҳмийетли ўазыйпалардан еди.

Ушырасыўға шекем 15 мыңнан аслам мүрәжат келип түсти, олардың дерлик ярымы орнында шешилди. Додалаўлар жуўмағында Президентимиз жети тийкарғы бағдарды белгилеп берди ҳәм ашық пикирлесиўди ҳәр жылы өткериўди усыныс етти. 20-август Исбилерменлер күни етип белгиленди.

Тийкарғы мәселелерден бири кредит ресурсларынан пайдаланыў имканияты болды. Банклердиң ресурс базасын беккемлеў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры арқалы 600 миллион доллар ажыратыў ҳәм миллий валютада 5 триллион сумлық евробондлар жайластырыў нәзерде тутылды. Дерлик 6000 исбилерменниң улыўма көлеми 1 миллиард долларға шамалас валюта кредити миллий валютаға өткерилди. Бул қарыз алыўшылар ушын валюта рискин азайтты ҳәм сўмда узақ мүддетли кредитлеў имканиятларын кеңейтти.

Микроқаржы шөлкемлериниң жумысы ушын шәртлер әпиўайыластырылды, салық тараўында болса жүклемени азайтыў ҳәм ҳәкимшиликти жеңиллетиў даўам еттирилди. Экспортшылар ушын қосымша тексериўлерсиз 80 процент ҚҚСты 60 күн орнына 7 күнде қайтарыў механизми енгизилди.

Экспорт ҳәм логистика тараўында да сезилерли өзгерислер әмелге асырылды. Жоқары қосымша қунлы товарларды экспорт етиўши кәрханаларға жақын сырт еллерге жеткерип бериўде транспорт қәрежетлериниң 50 процентине шекем, Европа Аўқамы мәмлекетлерине болса 70 процентине шекемги бөлегин қаплаў имканияты берилди. Сапа қадағалаў системасы раўажланған мәмлекетлерде сертификатланған айырым үскенелер, комплектлеўши бөлеклер ҳәм шийки зат ушын қайта миллий сертификатлаў талабы бийкар етилди.

Тәртипке салыў тараўында 40 тан аслам тәкирарланыўшы қадағалаў функциялары бийкар етилди. Рухсат бериў тәртип-қағыйдаларын санластырыў кеңейтилди, субсидия алыў процеси болса "Бир айна" системасына өткерилди.

Нәтийжеде 2022-жыл августқа келип експорт етиўши кәрханалардың саны 7500 ге жетти, улыўма экспорт көлеми болса 30 процентке артты. 2022-жылдың жети айында експорчыларға 170 миллиард сумлық транспорт субсидиясы ажыратылды. Экспорт географиясы және 32 базарға кеңейди. Онлайн аукционға 15,8 мың жер участкасы шығарылды, “YERELEKTRON” системасына болса улыўма майданы 22 мың гектардан аслам болған 54 мыңнан аслам бос жер участкасы киргизилди.

2022: екинши ашықтан-ашық сөйлесиў

Екинши ашықтан-ашық сөйлесиў 2022-жыл 22-август күни болып өтти. Ушырасыў алдынан 12 мыңнан аслам мүрәжат келип түсти. Исбилерменлерди жаңа жойбарларды қаржыландырыў, айланыс қаржылар, инфраструктураға жалғаныў, жер ажыратыў, салық ҳәкимшилиги ҳәм тексериўлерге байланыслы мәселелер қызықтырды.

Сөйлесиўдиң ең әҳмийетли қарарларынан бири бизнести категорияларға ажыратыў болды. Кәрханалар жыллық айланысына қарап төмендегише бөлистирилди: 1 миллиард сумға шекем - микро бизнес, 10 миллиард сумға шекем - киши бизнес, 100 миллиард сумға шекем - орта бизнес.

Бул кәрханаларға олардың көлеми, финанслық имканиятлары ҳәм раўажланыў басқышына қарап дифференциалластырылған тәртипке салыў ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларын қолланыў имканиятын берди. Нәтийжеде киши компанияларға ири кәрханалар менен бирдей регулятор жүклеме қолланылыўына шек қойылды.

2023-жылдан микро бизнес ушын айланыстан алынатуғын салықтың 4 процентлик бирден-бир ставкасы енгизилди. Алдын бул көрсеткиш 4 проценттен 25 процентке шекем еди. Айланысы өсип, улыўма салық тәртибине өтип атырған кәрханалар ушын болса пайда салығын бир жылда еки есеге азайтыў нәзерде тутылды. Бул илаж 370 мың исбилерменниң кейинги басқышқа өтиўин жеңиллестирди.

2023-жыл 1-январьдан ҚҚС ставкасы 12 процентке шекем төменлетилиўи және бир үлкен қарар болды. Соның менен бирге, пайдаланылмай атырған имарат ҳәм жер участкаларына арттырылған салық ставкаларының қолланылыўы нәтийжесинде пайда болған 2 триллион сумлық қарыздарлық есаптан шығарылды.

Сондай-ақ, район ҳәм қалаларды бизнес жүргизиў шараятларына қарап категорияларға ажыратыў тәртиби жолға қойылды. Аймақлар бес топарға бөлинди ҳәм олар ушын салық салыў, субсидиялаў, процент қәрежетлерин қаплаў, кепиллик бериў ҳәм инфраструктураға жалғаныў бойынша ҳәр қыйлы режимлер қәлиплестириле баслады. Республикадағы 60 районда арнаўлы салық, кредит ҳәм финанслық шәртлер енгизилди.

Соның менен бирге, исбилерменге жер ямаса мүлк ажыратыў ҳаққындағы қарар тек ғана суд арқалы бийкар етилиўи мүмкин екенлиги ҳаққындағы принцип беккемленди. Саўда қағыйдаларын бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик бийкар етилди.

2023-жыл августқа келип, екинши ашықтан-ашық сөйлесиў нәтийжелери тек ғана нормативлик ҳүжжетлерде емес, ал анық көрсеткишлерде де көринди. Мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаў илажлары компания көлеми ҳәм аймақ шараятларына байланыслы қолланыла баслады. Бизнестиң өсиўи болса автоматикалық түрде регулятор жүклемесиниң кескин артыўына алып келмейтуғын системаға өтти.

2023-жыл: үшинши ашық сөйлесиў

2023-жыл 18-август күни болып өткен үшинши ашықтан-ашық сөйлесиўде исбилерменлерди оқытыў, жойбарларды таярлаў, қаржыландырыў, жаңа базарлар ҳәм шериклерди излеўди қамтып алыўшы бир пүтин система жаратылатуғыны жәрияланды.

Ҳәр бир аймақта 14 тен киши бизнес орайы шөлкемлестирилди. Олар арқалы 150 мың киши бизнес субъектин аяққа турғызыў, 25 мың компанияны орта бизнес категориясына өткериў ҳәм 250 мың турақлы жумыс орнын жаратыў ўазыйпасы белгиленди.

Киши бизнестен орта бизнеске өтиўди қоллап-қуўатлаў ушын санаат ипотекасы, яғный исбилерменлерге таяр өндирис майданларын бериў системасы жолға қойылды. Бурын 100 жетекши експортёрларды қамтып алған "Жаңа Өзбекстан - бәсекиге шыдамлы өнимлер ели" бағдарламасы 500 кәрханаға шекем кеңейтилди. Экспортты улыўма қоллап-қуўатлаўдан жаңа базарларды өзлестириў ҳәм халықаралық стандартларды енгизиў имканиятына ийе кәрханалар менен мәнзилли ислесиўге өтилди.

2024-жылдың августына келип исбилерменлердиң 700 ден аслам мәселеси, басламасы ҳәм жаңа жойбарлары қоллап-қуўатланды. Қосымша 8 триллион сум ажыратылды, және 18 триллион сум санаат, аўыл хожалығы, хызметлер ҳәм исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылды.

Бир жылда исбилерменлердиң айланысы 25 процентке өсип, 986 триллион сумға жетти. Айланысы 10 миллиард сумнан 100 миллиард сумға шекемги болған орта кәрханалардың саны еки есеге көбейди. Айланысы 100 миллиард сумнан жоқары болған ири компаниялардың саны 2,2 мыңнан асты. Бул да алдынғы жылдағыға салыстырғанда дерлик еки есеге көп.

Салық, банк ҳәм қаржы системаларының мәҳәлле ҳәм қарыйдарлар кесиминдеги бирге ислесиўи нәтийжесинде алдын зыян менен ислеген 16 мың кәрхана ярым жылда 6,5 триллион сум пайда алыўға еристи. Исбилерменлик рейтингинде "А" ҳәм "B" категорияларындағы кәрханалардың саны 91 мыңға көбейди, және 170 мың компания ең төменги - "D" категориясынан шықты.

Бизнес турақлылығы көрсеткишлери де сезилерли дәрежеде артты. Үш жылдан аслам жумыс ислеп атырған кәрханалардың үлеси 76 процентке жетти. Бундай белсенди субъектлердиң саны болса биринши мәрте 300 мыңға шамаласты.

2024-жыл: төртинши ашық сөйлесиў

Төртинши ашықтан-ашық сөйлесиў 2024-жыл 20-август күни Нөкисте болып өтти. Жыл даўамында ҳүкимет, Саўда-санаат палатасы, Бизнес-омбудсман ҳәм ҳәкимлер исбилерменлердиң басламалары менен турақлы тийкарда жумыс иследи. Нәтийжеде бир қатар нәтийжели экономикалық илажлар қабыл етилди.

Соның ишинде, микрокредит муғдары үш есеге арттырылып, 300 миллион сумға жеткерилди. Кредиттиң 100 миллион сумға шекемги бөлеги ушын болса гиреў талабы бийкар етилди.

Қосымша 5 миллиард долларлық финанслық ресурслар дәреги сыпатында баҳаланған ислам қаржыландырыўы ҳаққындағы нызамды таярлаў жумыслары басланды. Аукцион арқалы жер сатып алыўда ҚҚС есаплаў тәртиби бийкар етилди. Жер ушын төлемди бөлип-бөлип төлеў мүддети Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларында 3 жылға шекем, басқа аймақларда 5 жылға шекем, төртинши ҳәм бесинши категориядағы районларда болса 10 жылға шекем етип белгиленди.

Санаат кәрханалары ушын белгиленген лимиттен артық электр энергиясы ҳәм газ тутыныўы бойынша төлем тәртиби жеңиллестирилди. Узақ мүддетли буйыртпалар тийкарында жергиликли өнимлердиң жаңа түрлерин ислеп шығарыўды жолға қойыў ушын 100 миллион доллар ажыратылды.

Нәтийжеде 2025-жыл августқа келип, 1600 микро кәрхана айланысын 10 миллиард сумнан асырып, орта бизнес категориясына өтти. 143 микро кәрхана айланысын 100 миллиард сумнан асырып, ири бизнеске айланды. Және 122 киши кәрхана да ири бизнес категориясына өтти.

2024-жылдың өзинде 16 түрдеги лицензия ҳәм рухсатнама бийкар етилди. Есап-санақларға бола, бул исбилерменлерге 350 миллиард сумды үнемлеў имканиятын берди.

Бесинши ашықтан-ашық сөйлесиў алдынан мәмлекетимизде 600 ден аслам стартап жумыс алып барып атырған еди. Олар 2025-жылдың дәслепки жети айында 264 миллион доллар сырт ел инвестициясын тартты. Бул 2024-жылы тартылған қаржыға салыстырғанда төрт есеге көп.

2025-жыл: бесинши ашық сөйлесиў

2025-жыл 20-август күни Жаңа Ташкентте болып өткен бесинши ашықтан-ашық сөйлесиўге таярлық шеңберинде 26 тармақ ўәкиллери болған дерлик 7000 исбилермен менен ушырасыў ҳәм мәсләҳәтлесиўлер өткерилди. Сондай-ақ, колл-орайлар арқалы 13 мыңнан аслам мүрәжат ҳәм баслама келип түсти.

Бес жыллық дәўирдиң тийкарғы нәтийжеси сонда, исбилерменлердиң жүзлеген басламалары нызамшылықта өз көринисин тапты.

Бесинши ушырасыўда бизнес жүргизиў қәрежетлерин және де азайтыў ҳәм рәсмий емес сектордағы исбилерменлик жумысын нызамлы майданға алып шығыў мәселелерине тийкарғы итибар қаратылды.

Ең ири өзгерислер 300 мың жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм өзин-өзи бәнт еткен 5,5 миллион шахсты қамтып алды. Олар ушын 2030-жылға шекем әмел ететуғын арнаўлы ҳуқықый режим енгизилди. Ол дизимнен өтиўден баслап есабат тапсырыўға шекемги болған санлы хызметлер, аралықтан турып биометрия, мийнет ҳақыны төлеў ушын электрон ҳәмиянлар ҳәм төлемлерди қабыл етиў ушын универсал QR кодтан пайдаланыў имканиятларын нәзерде тутады.

Сондай-ақ, 2026-жыл 1-январьдан жыллық айланысы 1 миллиард сумға шекем болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын айланыстан алынатуғын салық ставкасы 4 проценттен 1 процентке түсирилди. Нәтийжеде айланысы 1 миллиард сумға шекемги бизнес ушын салық жүги 3-4 есеге азайды.

Президентимиздиң 2025-жыл 14-ноябрьдеги "Бизнес жүргизиўди және лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыўға байланыслы гезектеги илажлар ҳаққында"ғы пәрманына муўапық, 2026-жыл 1-январьдан "Бизнести 15 минутта баслаў" принципи енгизилди. Оған бола, исбилермен бизнести дизимнен өткериў процесинде электрон санлы қолтаңба алыў, банк есап бетин ашыў, ижара шәртнамасын рәсмийлестириў, кассаны дизимнен өткериў ҳәм зәрүр хабарнамаларды жибериў имканиятына ийе болады. Бул исбилерменлик жумысын баслаў процесин және де әпиўайыластырып, өз бизнесин ашыў имканиятларын кеңейтеди.

2025-жыл мағлыўматларына бола, мәмлекетте 493 мың кәрхана жумыс алып барған. Жыл даўамында 82,4 мың жаңа кәрхана шөлкемлестирилген. Киши бизнестиң үлеси ЖИӨде 52,2 процентти, экспортта 36,6 процентти, санаат өндиристе 28,5 процентти қурады. Қурылыста оның үлеси 75,6 процент, саўдада 83 процент, хызметлер тараўында болса 47,2 процентке жетти.

Бул көрсеткишлер исбилерменлик Өзбекстан экономикасының тийкарғы таянышларынан бирине айланғанын көрсетеди. Жеке меншик сектор өндирис, саўда, қурылыс, хызмет көрсетиў ҳәм экспорттың салмақлы бөлегин тәмийинлемекте. Ерисилген көлем исбилерменлик белсендилигин және де кеңейтиў, бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ҳәм Өзбекстан экономикасының турақлы өсиўи ушын беккем тийкар жаратады.

Жуўмақ

Бес ашықтан-ашық сөйлесиў мәмлекетлик ҳәм исбилермен топарлар арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа дәстүрин қәлиплестирди. Оның өзине тән тәрепи избе-изликте көринди. Бул дәўирде бизнести раўажландырыў ушын көплеген нәтийжели ҳәм әмелий қарарлар қабыл етилди. Бирақ тийкарғы нәтийже қабыл етилген илажлар санынан көре, жумыс орынларын ашыў, инвестиция киргизиў, жаңа технологияларды енгизиў ҳәм сыртқы базарларда бәсекилесе алатуғын турақлы исбилерменлер қатламының қәлиплескенинде көринди.

Алтыншы ашықтан-ашық сөйлесиў бул процесстиң гезектеги басқышы сыпатында айрықша әҳмийетке ийе. Бизнесте жасалма интеллект ҳәм санлы технологияларды енгизиў, басқарыў ҳәм инженерлик кадрларды таярлаў, энергия нәтийжелилигин арттырыў, халықаралық стандартларды енгизиў ҳәм бәсекиге шыдамлы миллий брендлерди жаратыўға хызмет ететуғын қарарлар айрықша әҳмийетке ийе болыўы күтилмекте.

Егер бул күтилмелер анық ҳәм өлшенетуғын қарарларға айландырылып, алдынғы жыллардағыдай избе-из әмелге асырылса, ашықтан-ашық сөйлесиў өзиниң тийкарғы ўазыйпасын атқарыўда даўам етеди. Исбилерменлердиң топланған тәжирийбесин пүткил экономиканы раўажландырыўға қаратылған әмелий бағдарламаға айландырады.

Хуршид АСАДОВ,

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы

директор орынбасары