Мәресим даўамында AISBL (International) Пүткил жер жүзилик өнерментлер кеңеси президенти Саад Ал-Қаддумий Шаҳрисабз қаласына 2026-жылы кестешилик бағдарында "Пүткил жер жүзилик өнерментшилик қаласы" статусы берилгенин рәсмий түрде жәриялады.

Шаҳрисабз қаласына усы халықаралық дәрежениң берилгени қалада қәлиплескен әсирлик өнерментшилик дәстүрлери, атап айтқанда, миллий кестешилик көркем өнериниң бийбаҳа бағдары - "ироқи" халықаралық көлемде тән алынғанынан дәрек береди.

Илаж шеңберинде Шаҳрисабз қаласы ҳәкими Шерзод Буриевке "Дүнья жүзи өнерментшилик қаласы" статусын тастыйықлаўшы халықаралық сертификат салтанатлы түрде тапсырылды.

Бул статус Шаҳрисабздың өнерментшилик ҳәм мәдений мийрас тараўындағы халықаралық абырайын буннан былай да беккемлеў, миллий өнерментшилик дәстүрлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, жергиликли өнерментлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, қаланың туризм потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, халықаралық көлемде тән алыныўы Шаҳрисабзды халықаралық туризм базарларында өнерментшилик ҳәм мәдений туризмниң перспективалы бағдарларынан бири сыпатында кеңнен үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.