Илажда Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң басқарма баслығы Заррина Абдуллаева, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Зиёда Аминова, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери, жергиликли ҳәм сырт елли жаслар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илаж даўамында Заррина Абдуллаева қурылтай қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимовтың сәлемин жеткерди.

Қутлықлаўда бүгинги күнде экологиялық мәселелер барған сайын әҳмийетли болып атырғаны, бул бағдарда жаслардың интакерлиги ҳәм белсендилиги айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди. Сондай-ақ, қурылтай жергиликли ҳәм сырт ел жасларын қоршаған орталықты сақлаўдай ийгиликли мақсет жолында бирлестирип атырғаны атап өтилди. Зиёда Аминова, сондай-ақ, экологиялық машқалаларға шешим табыўда жаслардың идеялары әҳмийетли екенин атап өтти.

Ашылыў мәресими шеңберинде ҳәр бир аймақтағы "Жас экологлар" ҳәрекети кеңеслериниң баслықларына исеним гүўалықлары тапсырылды. Өзбекстан эстрада жулдызлары атқарған қосықлар илаждың байрам кейпиятын және де арттырды.

Мағлыўмат ушын: қурылтай жумысында Қазақстан, Қырғызстан Республикасы, Тәжикстан, Түркменстан, Әзербайжан, Түркия, Россия, Беларусь Республикасы ҳәм мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 1000 ға шамалас жас экоактивистлер қатнаспақта.

Қурылтай шеңберинде бир қатар таңлаў ҳәм жарыслар, презентация ҳәм көргизбелер, ушырасыўлар, плоггинг ҳәм экологиялық акциялар өткериледи, ҳәр қыйлы жойбарлар әмелге асырылады ҳәм илажлар өткериледи. Сондай-ақ, "Ең жақсы экологиялық жойбар", "Жас экологлар ҳәрекетиниң ең жақсы кеңеси", "Эко-заковат", "Қуўнақлар ҳәм зийреклер" халықаралық таңлаўлары ҳәм басқа да таңлаўлар қурылтай бағдарламасынан орын алған.

Халықаралық қурылтай жаслардың экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық тараўлардағы белсендилигин арттырыў, жасларды қоршаған орталықты қорғаў жумысларына кеңнен тартыў, экологиялық тараўда перспективалы идея ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, экологиялық машқалаларды шешиў бойынша усыныслар ислеп шығыўға қаратылған.