Фестивальдан гөзленген мақсет - миллий кестешиликтиң әўладтан-әўладқа өтип киятырған көп әсирлик дәстүрлери менен кең жәмийетшиликти жақыннан таныстырыў, шебер өнерментлердиң дөретиўшилигин ғалаба ен жайдырыў, халық көркем өнериниң бул түрине қызығыўшылықты арттырыўдан ибарат.

Онда Өзбекстанның түрли аймақларынан, сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлерден өнермент кестеши қызлар қатнаспақта. Олар дөретиўшиликтиң сийрек ушырасатуғын үлгилерин көрсетип, мийманларды миллий кестешиликтиң өзине тән өзгешеликлери менен таныстырады.

Фестиваль шеңберинде төмендегилер шөлкемлестирилди:

миллий кестешилик үлгилери көргизбелери;

өнерментлердиң дөретиўшилик жумысларының презентациялары;

кестешилик бойынша шеберлик сабақлары;

миллий өнерментшиликке бағышланған көргизбелер ҳәм презентациялар;

мәдений-кеўил ашар илажлар;

Өзбекстан ҳәм сырт ел усталары арасында ушырасыўлар, тәжирийбе алмасыў илажлары.

Фестиваль дәстүрий кестешилик көркем өнерин қәстерлеп сақлаў ҳәм және де раўажландырыў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм басқа да мәмлекетлер өнерментлери арасындағы мәдений байланысларды беккемлеўге хызмет етеди.