Ғәрезсизлик
- халқымыздың ең уллы ҳәм бийбаҳа байлығы. Өзбекстан Республикасы
ғәрезсизлигиниң 35 жыллығын жоқары кейпият пенен күтип алар екенбиз, басып
өтилген мақтанышлы жол, қолға киргизилген жетискенликлер ҳәм келешектеги үлкен
мақсетлер ҳаққында терең пикир жүргиземиз.
Быйылғы
байрамның «Бирден-бир Ўатан, бирден-бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек
жаратамыз» деген бас идеясы бүгин мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың
түп мәнисин билдиреди. Себеби, елдиң раўажланыўы, халықтың абаданлығы ҳәм
мәмлекеттиң қүдирети, бәринен бурын, халықтың бирлиги, өз-ара исеними ҳәм
аўызбиршилиги менен тәмийинленеди.
Халық
депутатлары Беруний районлық Кеңесиниң депутаты сыпатында халық пенен өткерилип
атырған сөйлесиўлер, көшпели қабыллаўлар ҳәм депутатлық қадағалаў илажлары
даўамында бир ҳақыйқатқа және бир мәрте исеним пайда етпекшимен: реформалардың
ҳақыйқый баҳасы адамлардың турмысындағы унамлы өзгерислер менен өлшенеди.
Бүгин
мәмлекетимизде жеке меншик мүлкти қорғаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў,
инвестицияларды тартыў, жаңа өндирис қуўатлықларын жаратыў ҳәм халықтың
бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Бул болса ҳәр бир аймақтың экономикалық потенциалын арттырыў, халықтың
дәраматларын көбейтиў ҳәм турмыс абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Әсиресе,
жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, заманагөй
кәсип-өнерлерди ийелеўи ушын жаратылып атырған имканиятлар, билимлендириў
системасындағы жаңаланыўлар ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў
бағдарындағы жумыслар Жаңа Өзбекстанның раўажланыўының беккем тийкарын
жаратпақта.
Депутатлық
жумысымызда халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, аймақлардағы машқалаларды
үйрениў ҳәм олардың шешими бойынша әмелий усыныслар киргизиўге айрықша итибар
қаратпақтамыз. Себеби халық исеними - ең үлкен жуўапкершилик болып есапланады.
Бул исенимге мүнәсип болыў ушын ҳәр бир депутат халық мәплерин қорғаўы,
реформалардың орынларда толық әмелге асырылыўын тәмийинлеўге үлес қосыўы зәрүр.
Ғәрезсизлик
жылларында ерисилген жетискенликлер ҳәр бир ўатанласымыздың мийнети,
сабыр-тақаты ҳәм Ўатанға садықлығы нәтийжеси болып есапланады. Енди бул
жетискенликлерди және де беккемлеў, экономикамызды жаңа басқышқа алып шығыў,
исбилерменликти раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў ҳәм нызамлылықтың
үстинлигин тәмийинлеў бәршемиздиң улыўма ўазыйпамыз болып есапланады.
Бүгин биз
бир мақсет жолында бирлескен халықпыз. Бирден-бир Ўатанымыздың раўажланыўы,
бирден-бир халқымыздың абаданлығы ушын биргеликте ҳәрекет етсек, ҳәр қандай
жоқары шеклерге ерисемиз. Бул жолда ҳәр бир пуқараның белсендилиги, интакерлиги
ҳәм Ўатан тәғдирине байланыслылық сезими шешиўши әҳмийетке ийе.
Ғәрезсизлигимиздиң
35 жыллығы бәршемиз ушын және де жоқары мақсетлерге умтылыў, Жаңа Өзбекстанды
және де абат ҳәм абадан етиўге болған исенимимизди беккемлейди. «Бирден-бир
Ўатан, бирден-бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек жаратамыз» деген
ийгиликли идея бәршемизди бирлестиретуғын күш болып хызмет ете берсин!
Ғәрезсизлигимиз
мәңги, елимиз тыныш, халқымыз абадан болсын!
Рахима ЮЛДАШЕВА,
Халық депутатлары
Беруний районлық Кеңесиниң депутаты.