Өткен айда мине усындай шараятта Нью-Йоркта өткерилген БМШ Бас Ассамблеясының 81-сессиясы шеңберинде Өзбекстан алға қойған көзқараслар мәмлекеттиң сыртқы сиясатында инсан қәдири, қарым-қатнас, халықаралық ҳуқық ҳәм ашық-айдынлық түсиниклери өз-ара байланысып баратырғанын көрсетти.
Бул сессия халықаралық система ушын қыйын дәўирге туўра келди. Сессия күн тәртибинде халықаралық қәўипсизлик, глобал басқарыў, раўажланыў ҳәм халықаралық институтлардың нәтийжелилигине байланыслы мәселелер орайлық орынды ийеледи.
Өзбекстан атынан билдирилген позицияда тынышлық, раўажланыў ҳәм инсан қәдири өз-ара байланыслы түсиниклер сыпатында талланды. Атап айтқанда, "Бизиң таңлаўымыз - инсан қәдири" деген формула ҳәм халықаралық ҳуқық мәмлекетлер жағдайға қарап пайдаланатуғын қурал емес, бәрше ушын улыўма қағыйда болыўы керек екенлиги ҳаққындағы пикир айрықша итибарға ылайық.
Бул қатнасты бүгинги геосиясий шараятта белгили бир блок ямаса күш орайын таңлаўдан көре, халықаралық ҳуқық, қарым-қатнас ҳәм миллий мәплер арасындағы тең салмақлылыққа сүйенетуғын сиясий позиция сыпатында талқылаў мүмкин. Халық аралық ҳуқықтың универсаллығы ҳаққындағы принциптиң әмелий әҳмийети оның тек баянланыўында емес, ал ҳәр қыйлы жағдайларда избе-из қолланылыўында көринеди.
Усы көзқарастан, БМШ жумысын реформалаў мәселеси де айрықша мазмунға ийе. Өзбекстан тәрепинен қарарлар қабыл етиў менен шекленбейтуғын, оларды әмелде орынлаўға уқыплы ҳәм барлық мәмлекеттиң даўысы еситилетуғын БМШ зәрүрлиги атап өтилмекте. Қәўипсизлик кеңесин заманагөй халықаралық ўақыяға бейимлестириў, глобал институтлардың ўәкиллик дәрежесин арттырыў сыяқлы мәселелер бүгин тек ғана Өзбекстанның емес, көплеген мәмлекетлердиң сыртқы сиясий күн тәртибинде бар.
Өзбекстан халықаралық институтлар нәтийжелилигиндеги машқалаларды атап өтиў менен бирге, олардағы қатнасыўы ҳәм жуўапкершилигин кеңейтиўге умтылмақта. Бул көзқарас халықаралық системаны сырттан бақлаўдан көре, оның қағыйдалары ҳәм механизмлери шеңберинде белсене қатнасыўға итибар берип атырғанын көрсетеди.
Бундай көзқарас, әсиресе, Орайлық Азия мәселесинде айқын көринеди. Жақын тарийхта региондағы мәмлекетлер арасында шегаралар, суў ресурслары, транспорт байланыслары ҳәм басқа да мәселелер бойынша қыйыншылықлар бар еди. Бүгинги шараятта болса саўда, транспорт, энергетика, экология ҳәм шегараалды бирге ислесиўди улыўма мәплер шеңберинде көрип шығыўға қаратылған көзқарас күшейип атырғаны атап өтилмекте. Халық аралық қатнасықлар теориясында буны "нольлик қосынды" логикасынан узақласыў менен түсиндириў мүмкин. Яғный бир мәмлекеттиң мәпин екинши мәмлекеттиң жоғалтыўы сыпатында қабыл етиўдиң орнына, өз-ара байланыслылықтан улыўма пайда излеў имканияты пайда болады.
Бул, өз гезегинде, Орайлық Азияның халықаралық субъектлиги ушын да әҳмийетли. Регион мәмлекетлериниң ири күш орайлары менен еки тәреплеме байланыслары сақланып қалады. Бирақ ишки исеним ҳәм бирге ислесиў қаншелли беккем болса, регионның сыртқы шериклер менен сөйлесиўлерде еркин ҳәрекет етиў имканияты да соншелли кеңейеди. Сол себепли жақсы қоңсышылықты тек ғана руўхый-сиясий түсиник сыпатында емес, ал әҳмийетли сыртқы сиясий ресурс сыпатында да көриў лазым.
Орайлық Азиядағы тынышлық ҳәм қәўипсизлик мәселеси Аўғанстан ҳәм оның региондағы қатнасыўы менен тығыз байланыслы. Өзбекстанның қоңсы мәмлекетке болған қатнасы да мине усы логиканың даўамы болып есапланады. Аўғанстанды тек ғана қәўипсизликке қәўип көзқарасынан көриў машқаланың барлық тәрепин қамтып алмайды. Усы мәнисте, прагматикалық сиясат қәўипсизликти экономикалық байланыслылық, инсан ҳуқықлары ҳәм узақ мүддетли регионаллық турақлылықтан ажыратпай көрип шығыўды талап етеди. Орайлық Азия регионын халықаралық жәмийетшилик ҳәм инвесторлар ушын тартымлы ҳәм ири базар сыпатында танытыўда Аўғанстанның регион мәмлекетлери менен қатнасықлары, раўажланыў тенденцияларына тартылыўы, сондай-ақ, регион мәмлекетлериниң жәҳән базарларына интеграциясы үлкен әҳмийетке ийе.
Усы ҳәм Нью-Йорктағы күн тәртибине үнлес ҳалда, Өзбекстанның экономикалық ашықлық сиясатында Жәҳән саўда шөлкемине қосылыў процеси де айрықша орын ийеледи. ЖСШ мағлыўматларына бола, 2026-жыл сентябрьде Өзбекстан сөйлесиў топары ушын саўданы қорғаў илажлары, субсидиялар ҳәм мәмлекетлик саўдаға байланыслы қағыйдалар бойынша арнаўлы техникалық семинарлар өткерилген. Бул жумыслар мәмлекеттиң ЖСШға қосылыў бойынша жумысшы топардың 14-мәжилисине таярлық пенен байланыслы.
Бул процесстиң мәнисин тек ғана және бир халықаралық шөлкемге ағза болыў менен шеклеў дурыс болмайды. ЖСШға қосылыў бажы тарифлеринен тысқары субсидиялар сиясаты, мәмлекетлик кәрханалардың жумысы, техникалық регламентлер, санитариялық ҳәм фитосанитариялық нормалар, интеллектуаллық мүлк, хызметлер базары ҳәм саўданы қорғаў илажларын халықаралық миннетлемелер менен муўапықластырыўды талап етеди. Демек, ағзалықтың ең үлкен тәсири сыртқы сиясий символда емес, ал мәмлекеттеги экономикалық институтлардың ислеўинде көринеди.
Турақлы ҳәм алдыннан белгили саўда қағыйдалары экспортёр ҳәм инвесторлар ушын болжанатуғын орталық жаратыўға хызмет етеди. ЖСШға ағзалықтың реал нәтийжеси ағзалық фактиниң өзинен көре оннан кейинги экономикалық сиясат, бәсеки орталығы ҳәм миллий кәрханалардың жаңа шараятқа бейимлесе алыў имканиятына байланыслы болады.
Ташкент халықаралық финанс орайының шөлкемлестирилиўи экономикалық ашық-айдынлық пенен байланыслы және бир әҳмийетли процесс болып есапланады. 2026-жыл 13-июльдеги конституциялық нызам Ташкент халықаралық финанс орайы ушын арнаўлы ҳуқықый тийкарды белгиледи. Ҳүжжетте орай шеңберинде Англия ҳәм Уэльс ҳуқықы принциплери, арнаўлы коммерциялық суд ҳәм халықаралық арбитраж механизмлериниң әмел етиўи нәзерде тутылған. 10-сентябрьде қабыл етилген пәрман менен болса орай басқарыўының шөлкемлестириўшилик механизмлери белгиленди.
Инвестор капитал киргизиўден алдын бир неше әпиўайы, бирақ фундаментал факторларга итибар қаратади. Атап айтқанда, олар ушын шәртнамалардың ҳуқықый жақтан беккем қорғалыўы, келиспеўшиликлерди көрип шығыў системасының жедел ҳәм әдил болыўы, суд қарарларының әмелде сөзсиз орынланыўы ҳәм регулятор сиясатының болжаныўы оғада әҳмийетли. Усы мәнисте, Ташкент халықаралық финанс орайы Өзбекстанның халықаралық капиталға ашықлығы менен бир қатарда, мәмлекеттиң ҳуқықый институтларының сапасы ҳәм нәтийжелилигин де сынақтан өткеретуғын жойбар болып есапланады.
Тап усы жерде халық аралық ҳуқықтың "ҳәмме ушын улыўма қағыйда" болыўы ҳаққындағы сиясий формула экономикалық сиясат пенен тутасады. Сыртқы сиясатта универсал қағыйда талап етилип атырған болса, инвестиция орталығында да исбилермен ҳәм инвестор ушын алдыннан белгили, турақлы ҳәм бирдей қолланылатуғын қағыйдалар зәрүр.
Демография Өзбекстанның узақ мүддетли раўажланыўына тийисли фундаментал мәселелерден бири. 2026-жылы мәмлекетимиздиң ғәрезсизлик дәўириндеги дәслепки халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажлары өткерилди. БМШтың Халықтаныў қоры (UNFPA) жәриялаған мағлыўматларға бола, Өзбекстан халқы 39 миллионнан артады. Дизим халықтың қурамы, миграция, бәнтлик, билимлендириў ҳәм үй хожалықлары ҳаққындағы режелестириў ушын жаңа мағлыўматлар базасын жаратпақта.
Өзбекстанның тез өсип баратырған жас халқы мәмлекетимиздиң ең үлкен байлығы ҳәм келешектеги экономикалық раўажланыўдың тийкарғы драйвери болып есапланады. “UNFPA” таллаўларына бола, 2050-жылға шекем мийнетке жарамлы халықтың турақлы көбейип барыўы мәмлекетимизге айрықша демографиялық дивидент береди. Бул үлкен потенциалды реал экономикалық әжайыбатқа айландырыў жолында инсан капиталына системалы инвестиция киргизилмекте: сапалы билимлендириў, заманагөй кәсиплик көнликпелер, алдынғы денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм жумыс орынларын ашыў солардың қатарына киреди. Әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жаслардың экономикалық белсендилигин арттырыў ҳәм социаллық ҳәрекетшенлигин қоллап-қуўатлаў арқалы Өзбекстан жедел раўажланып атырған, глобал майданда өзиниң беккем орнына ҳәм жоқары бәсекиге шыдамлылығына ийе қүдиретли мәмлекет сыпатында жаңа шеклерди ийелейди.
Бүгинги халықаралық күн тәртибинде экология ҳәм технология да дәстүрий қәўипсизлик түсинигиниң шегараларын кеңейтпекте. Арал теңизи менен байланыслы экологиялық кризис суў ресурслары ҳәм қоршаған орталық машқалалары бир мәмлекет шегарасында қалмайтуғынын айқын көрсетпекте. Орайлық Азияда климат, суў, энергетика ҳәм демография мәселелери барған сайын өз-ара байланысып бармақта. Сол себепли келешектеги регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли сынақларынан бири әйне экологиялық ресурсларды басқарыў менен байланыслы болады.
Тап сол сыяқлы, жасалма интеллекттиң раўажланыўы да тек ғана технологиялық жетискенликлер мәселеси емес. Санластырыў мәмлекетлик басқарыў, қаржы, билимлендириў ҳәм хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан өзгертип атыр. Бирақ алгоритмлик дискриминация, жеке мағлыўматларды қорғаў, киберқәўипсизлик, жуўапкершилик ҳәм мийнет базарындағы өзгерислер сыяқлы жаңа мәселелер де пайда болады. Технологияны импорт етиў салыстырмалы түрде аңсат. Оны инсан ҳуқықлары ҳәм нызам үстинлиги менен үнлес басқаратуғын институционаллық система жаратыў болса бираз қыйын.
Жасалма интеллект, экология ҳәм демография менен байланыслы мәселелер қәўипсизлик түсинигиниң дәстүрий шегаралары кеңейип атырғанын көрсетсе, бул процесстиң және бир әҳмийетли қатламы руўхый-ағартыўшылық турақлылық мәселеси болып есапланады. Бүгинги қурамалы мәлимлеме орталығында диний саўатсызлық, фанатизм ҳәм маўасасызлыққа қарсы тек ғана ҳәкимшилик ямаса қәўипсизлик илажларына сүйениў жетерли емес. Узақ мүддетли турақлылық диний билимди илимий тийкарда үйрениў, тарийхый мийрасты қалыс изертлеў ҳәм түрли исеним ҳәм мәденият ўәкиллери арасындағы қарым-қатнас ушын турақлы институционаллық майдан жаратыўды да талап етеди.
Усы жағынан Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайының халықаралық минберде тилге алыныўы айрықша әҳмийетке ийе. Орай тарийхый естеликлер жәмленген музей сыпатында ғана емес, ал Орайлық Азияның дүнья илиминиң ҳәм ислам цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлесин заманагөй илимий тил арқалы көрсетиўши мәдений-ағартыўшылық платформа сыпатында қәлиплестирилмекте. Онда Имам Бухарий, Имам Термизий, Абу Мансур Мотуридий сыяқлы уламалар менен бир қатарда, Муҳаммед Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Абу Али ибн Сино, Аҳмад Ферғаний сыяқлы ойшыллардың мийрасы да тутас цивилизациялық процесс шеңберинде сәўлелендирилмекте. Бул қатнас Өзбекстанның диний мийрасты тек догматикалық ямаса мәресимлик шеңберде емес, ал илим, билимлендириў, мәденият ҳәм ой-пикир тарийхы менен байланыслы ҳалда көрсетиўге умтылып атырғанын аңлатады.
Негизинде, бундай қатнас мәмлекетимиздиң жаңа басламасы емес, ал соңғы он жыллықта избе-из қәлиплесип киятырған диний-ағартыўшылық сиясатының гезектеги басқышы болып есапланады. 2017-жылы БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Өзбекстан тәрепинен "Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик" атамасында арнаўлы резолюцияны қабыл етиў усыныс етилген болып, оннан тийкарғы мақсет билимлендириўден улыўма пайдаланыў көлемин кеңейтиў, саўатсызлық ҳәм жаўызлықты азайтыў және кеңпейилликти беккемлеў екени белгиленген еди. Арадан бир жыл өтип, 2018-жыл 12-декабрьде БМШ Бас Ассамблеясы "Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик" резолюциясын даўысқа қоймастан қабыл етти. Ҳүжжетте ҳүждан ҳәм дин еркинлиги, диний ҳәм мәдений топарлар арасындағы сөйлесиў, билимлендириў ҳәм өз-ара ҳүрметтиң тынышлықты беккемлеўдеги роли айрықша атап өтилди.
Әҳмийетлиси, "жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық" идеясы тек ғана халықаралық минберлерде билдирилген сиясий формула болып қалмады. Кейинги жылларда Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Мотуридий халықаралық илимий-изертлеў орайлары, Өзбекстан халықаралық исламтаныў академиясы және Ислам цивилизациясы орайын қамтып алған илимий-ағартыўшылық инфраструктура қәлиплестирилди. Сыртқы сиясатта алға қойылған ағартыўшылық ҳәм кеңпейиллик концепциясы мәмлекетте илимий орайлар, билимлендириў мәкемелери ҳәм мийрасты изертлеў механизмлери арқалы материаллық түрге енбекте.
Бул процесстиң реал нәтийжелери де барған сайын көринбекте. 2026-жыл 17-мартта рәсмий жумыс баслаған Ислам цивилизациясы орайына 1-июнь жағдайына бола, ярым миллионға шамалас жергиликли ҳәм сырт ел мийманы барған, 150 ден аслам сырт ел делегациясы қабыл етилген. Орайдың мағлыўматларына бола, илимий ҳәм инновациялық бағдарда 810 жойбар әмелге асырылып, оларға дерлик 2 мың жергиликли ҳәм сырт елли илимпаз тартылған. Мәдений мийрасты қайтарыў бойынша исленген жумыслар нәтийжесинде болса мыңнан аслам тарийхый артефакт Өзбекстанға қайтарылған.
Бул санлар диний-ағартыўшылық сиясаттың нәтийжелилигин тек ғана конференциялар ямаса баянатлар саны менен емес, ал илимий өним, халықаралық академиялық бирге ислесиў, мәдений мийрастың тиклениўи ҳәм жәмийетшиликтиң оннан пайдаланыў имканияты менен баҳалаў зәрүрлигин көрсетеди.
Соның менен бирге, диний мийрастың халықаралық имидж ҳәм гуманитар дипломатия қуралына айланыўы белгили дәрежеде жуўапкершиликти де талап етеди. Тарийхый шахслар ҳәм диний мийрасты бүгинги сиясий зәрүрликлерге бейимлестириў менен оларды қалыс илимий изертлеў арасындағы шегараны сақлаў әҳмийетли. Ағартыўшылықтың турақлы модели тарийхты идеалластырыўдан көре, деректаныў, академиялық тартыс, салыстырмалы изертлеў ҳәм заманагөй динтаныў методларына сүйенгенинде күшлирек болады. Динлераралық қарым-қатнастың әмелий нәтийжеси де тек ғана халықаралық әнжуманлар санында емес, ал нызам үстинлиги, ҳүждан еркинлиги, өз-ара ҳүрмет, сапалы диний билимлендириў ҳәм профессионал илимий изертлеў ушын жаратылған орталықта көринеди.
Усы көзқарастан, Өзбекстан алға қойып атырған диний-ағартыўшылық қатнасын "жумсақ күш"тиң ағартыўшылыққа тийкарланған түри сыпатында да көриў мүмкин. Орайлық Азияның ҳәдис, кәлам, фиқҳ, философия, медицина, астрономия ҳәм математика тарийхындағы бай мийрасын заманагөй халықаралық аудиторияға илимий тийкарда усыныў мәмлекетимиздиң цивилизациялық имиджин беккемлеў менен бирге, диний өзликти билим, кеңпейиллик ҳәм илимий пикирлеў менен байланыстырыў имканиятын бермекте. Нәтийжеде ағартыўшылық ҳәм кеңпейиллик сыртқы сиясий сүрен емес, ал илимий институтлар, билимлендириў, мәдений мийрас ҳәм халықаралық академиялық алмасыў арқалы ислейтуғын гуманитар дипломатия механизмине айланбақта.
Әйне усы тәрепи улыўма көринисти толықтырады. Өзбекстанның ашық-айдынлығы енди тек ғана дипломатиялық ямаса экономикалық түсиник емес. Ол халықаралық сиясат, саўда ҳәм инвестиция менен бир қатарда илим, технология, демография ҳәм мәдений-ағартыўшылық қарым-қатнасты да қамтып алған көп қатламлы процесске айланбақта. Заманагөй раўажланыўда инсан қәдири тек ғана сиясий сүрен емес. Ол экономикалық имканият, ҳуқықый қорғаў, сапалы билимлендириў, қәўипсиз қоршаған орталық ҳәм ертеңги күнге исеним менен мазмунға ийе болады. Мине усы нормалар халықаралық ашық-айдынлықты турақлы раўажланыўға айландыратуғын тийкарғы факторлар болып есапланады.
Өзбекстанның глобал майдандағы бүгинги келбети әсирлер даўамында қәлиплескен цивилизациялық мийрасты заманагөй мәмлекетшилик логикасы менен үйлестириў, регион ҳәм дүньяның улыўма тәғдирине байланыслылықты таңлаў мәртлиги.
Инсан қәдири түсиниги жәмийеттиң ҳуқықый, экономикалық ҳәм руўхый қан тамырларына сиңип барар екен, ол шын мәнисинде мәмлекеттиң жаңа әсирдеги жасаў принципине айланбақта. Дүнья глобаллық қарама-қарсылықлар ҳәм анықсызлықлар ийримине барған сайын терең батып баратырған бир шараятта ашық-айдынлық, қарым-қатнас ҳәм ағартыўшылыққа сүйенген бул жол тек ғана миллий раўажланыўдың емес, ал Орайлық Азияны глобаллық архитектураның турақлы ҳәм интеллектуаллық таянышына айландырыўдың турмыслық шешими сыпатында көрилмекте.
Беҳзод СОИПОВ,
Дин ислери комитети басқарма баслығы,
сиясий илимлер докторы, доцент