“Report”тың хабар бериўинше, бул ҳаққында “BFMTV” телеканалы мәлим еткен.
"Оған жуўап ретинде көплеген көтерилисшилер өзлерин көше мебельлери ямаса басқа да буйымлар менен қуралландырып, полицияға тасламақта", деп атап өтти канал.
“Le Parisien” басылымының хабар бериўинше, бүгин түрли қалаларда кеминде 150 адам қамаққа алынған.
Префектура мағлыўматларына бола, Эссонда 53 жас қамаққа алынған. Бул операциялар даўамында он алты полиция хызметкери ҳәм бир жандарм жарақатланған.
"Олар феерверк, миномёт снарядлары, ҳәр қыйлы металл қурылмалар ҳәм жаныўшы қурылмалардың нышанына айланды", деп атап өтти басылым.
Бүгин даўам етип атырған наразылықлар себепли 400 ден аслам мектеп ҳәм басқа да билимлендириў мәкемелериниң жабылыўы күтилмекте, деп хабар берди “report.az”.