Себеби, усы еки күн даўамында тек ғана мәмлекетимиз басшысы барған кәрхана-шөлкемлер, ушырасыў ямаса сөйлесиўлерде қатнасқан адамлар емес, ал, пүткил аймақ халқының кеўли меҳир толқынында көтерилди, десек асыра айтқан болмаймыз. Көшелерде, аўыл ҳәм мәҳәллелерде, базарларда, ҳәттеки еки адамның басы бирлескен жерде Президент сапарынан қанаатланыўшылық, қуўаныш ҳәм мақтаныш атап өтилди. Ҳәттеки, мәмлекетимиз басшысы Нөкис қаласындағы көшелердиң бирине барғанында ол жерде жасайтуғын әпиўайы адамлардың "Сизди жақсы көремиз, Президент" деп даўыслап айтқан кеўил билдириўлери социаллық тармақларда көп айланды, қайсы аймаққа барса да пүткил халық қоллап-қуўатлап, толқындай толып-тасып жанында бирге жүргендей болды.

Кегейли районындағы “ADM Agro” кәрханасының санаатластырылған интенсив бағы, "Кегейли берекет нәсилли қус" кәрханасы, районда шөлкемлестирилген ыссыхана комплекси, Нөкис районындағы Дийқан арна мәҳәллеси, Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясына барып, бир қатар жойбарлардың қурылысына старт берилгени ҳәр бир қарақалпақстанлыларды толқынландырды, десек қәте болмайды. Биз адамлар арасында жүрип буған гүўа болдық.

Неге дегенде, дәсте-дәсте ҳүжжетлер қабыл етилген, бирақ орынланбаған, қап-қап ўәделер берилген, бирақ орынланыўы тәмийинленбеген, иштеги гәп сыртқа туўра келмеген заманларды көрген бул халықтың көкирегине самал тийгенге исеними соңғы жылларда беккемленип атырғаны да әйне ҳақыйқат.

Он жыл алдынғы ҳәм бүгинги Қарақалпақстан. Тынымсыз айланып атырған тарийх дөңгелеги басып өтип атырған жолдың бул еки ноқатын салыстырыў ушын терең таллаўлар шәрт емес. Пүткил аймақ халқының көз алдында ҳәр күни жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлардың өзи реформалардың нәтийжесин айқын көрсетип тур.

Соңғы он жылда Аралбойындағы экологиялық машқалаға шешим табылып, аймақта көзди қуўандыратуғын жасыллық әлеми жаратылғаны, 2016-жылда 8,5 триллион сумды қураған Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өними усы жылдың басына келип 54 триллион сумнан артқаны, итибар ҳәм жеңилликлер себепли санаат, өндирис, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў имканиятлары түп-тийкарынан кеңейгени, балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў ҳәм жаслардың жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириў көрсеткишлери бир неше есеге артқаны - булардың барлығы адамлардың бүгинги кейпиятында өз көринисин таппақта.

Қысқа мүддеттиң өзинде Бозатаўда санаторий, Нөкисте онкология ҳәм радиология орайы, Қоңыратта балалар емлеўханасы ҳәм туўыў үйи, Әмиўдәрья ҳәм Төрткүлде амфитеатрлар, Нөкис қаласында гимнастика орайы ҳәм Консерваторияның филиалы пайдаланыўға тапсырылды. А-380 магистралының Қоңыраттан өткен 240 километри 384 миллион доллар есабынан бетон қапламаға өткерилди.

Усы жылдың июнь айында болса Төрткүл районындағы Шадлық мәҳәллеси аймағында 13 миллиард сум қаржы есабынан қурылған, 2000 орынлық "Еки жағыс бүлбили" деп тән алынған қосықшы Атажан Худайшукуров атындағы амфитеатрдың пайдаланыўға тапсырыў мәресими болды. Мәресимде Амфитеатр отырғышлары әпиўайы халық, кексе ата-аналар, жаслар, ҳәттеки перзентлериниң қолынан услап келген жас келиншеклер менен толып кетти.  Орын жетпегенлер де ҳасла қайтып кетиў ҳаққында ойламай, тикке турып өз қуўанышларын аяқ ойынлар, қол шаппатлаўлар менен билдирди. Шын мәнисинде халық байрамына айланып кетти. Өйткени, Төрткүлдиң неше әсирлик тарийхы даўамындағы биринши Амфитеатр еди бул. Жақында ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллығы да мине усы жаңа имаратта өткерилип, байрамға ҳәм ҳәр бир инсан қәлбине өзгеше қуўаныш бағышлады.  Солай екен, әлбетте, адамлар өз Президентин жақсы көреди-дә!

Ерисилген бундай жетискенлик ҳәм шеклер аймақтың раўажланыўының гезектеги жаңа басқышларына тийкар болыўы сөзсиз.  Сапар даўамында 7 миллиард долларлық 47 жойбардың қурылысына старт берилди.

Нөкис қаласында өткерилген Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилисте қатнасып, Италияның “Bonifika Ferrarizi” компаниясы менен Тахтакөпирде 50 миллион долларлық жойбар басланып атырғаны, онда 2 мың гектарда помидор ҳәм ғәлле жетистирилип, терең қайта ислениўи ҳәм Европаға экспорт етилиўи, Синьцзян тәжирийбеси тийкарында от-жем жетистириў шөлкемлестирилип, сырт елден 5 мың бас қой-ешки алып келиниўи, жылдың ақырына шекем 10-15 мың гектарда жойбарларды қәлиплестирип, бир жылда 100 мың бас қой-ешки бағыўды жолға қойыў белгиленгени, сондай-ақ, Қараөзек районындағы "Зәңгибаба" кәнинде алтын қазып алыў бойынша 20 миллион долларлық кәрхана қурылатуғынын еситкенимде жақын тарийхтағы айырым ўақыялар қыялымда елеследи.

Буннан дерлик 20 жыллар алдын әйне Тахтакөпирден адамлар турақ жайын таслап қоңсы мәмлекетке көшип кетип атырғаны ҳаққында еситкен едим. Ҳәтте басқа аймақлардан барып ийесиз қалған жайларды бузып есик, айна рамалары, улыўма қурылыс материалларын алып кетип атырғанын еситкенимде жүрегим ләрзеге келген еди.  Қашан адам шаңарағы менен жасайман, тойлар қыламан деп өмири даўамында қурған үйин таслап тек күнделикли кийимлерин көтерип шығып кетеди?  Бул қарарға келиў ушын қатаң тийкарлар болыўы керек. Бирақ сол жыллары Қарақалпақстанның Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм басқа да арқа районларында әне усындай жағдайлар жүз бергени ҳақыйқат.

Ол ўақытта олар өз ана журтының бүгинги келбетин көз алдына да келтире алмаған, әлбетте. Бул ел, халқы көшип кететуғын емес, ал дүньядан адамлар ағылып келетуғын, мыңлаған саяхатшыларды қушағына алатуғын мәкан болатуғынын қыялларына да келтирмеген. Тахтакөпирде "Қаратерең" этнотуристлик комплекси, ең шетки аймақлардан болған "Бөрши таў" төбесинде қурып питкерилген "Тах-төбе" этно-аўылы сыяқлы халықаралық мәдений фестивальларды өткеретуғын, түрли миллет ўәкиллери биргеликте қызықлы дем алатуғын, миллий қәдириятларға садықлық, миллетлераралық татыўлық ҳәм дослық сезимлерин дүньяға тарататуғын орынлардың қурылатуғынын, Қараөзекте алтын қазып алынатуғынын сонда ким ойлап еди, дейсиз.

2022-жылы Президенттиң Қарақалпақстан ушын қабыл еткен және бир ақылға уғрас қарарына гүўа болған едик. Гәп сонда, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аралбойы аймақларын социаллық-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириў мақсетинде Қарақалпақстанның арқа районлары биреўден ўәлаятқа бириктирилген еди. Анығырақ айтқанда, Президентимиздиң "Аралбойы регионын турақлы раўажландырыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы 2022-жыл 1-ноябрьдеги пәрманына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасында өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде анықланған шараяты аўыр шаңарақлар ҳәм пуқараларды қоллап-қуўатлаў және аўыл ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған Министрлер Кабинетиниң "Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын буннан былай да жақсылаў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

Онда белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм Бозатаў, Қараөзек, Кегейли, Қоңырат, Қанлыкөл, Мойнақ, Нөкис, Тақыятас, Тахтакөпир, Хожели, Шымбай, Шоманай районларына бириктирилди.

Дурысын айтқанда, бул баслама барлық ўәлаятларды, пүткил мәмлекетти Аралбойында жақсылық жолында бирлестирди, десек асыра айтқан болмаймыз. Бундай аўызбиршилик, өз-ара жәрдем, мийрим-шәпәәт қаншадан-қанша қарақалпақстанлылардың мүшкилин аңсат, аўырын жеңил етти.

19-сентябрь күни өткерилген мәжилисте де ҳәр бир район бойынша инвестициялық презентациялар өткериў, ўәлаят ҳәкимлериниң қатнасыўында 2-3 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жарататуғын жойбарларды баслаў тапсырылды. Келеси жылы Қарақалпақстанға 5 миллиард доллар инвестиция тартыў ўазыйпасы қойылды.

Буннан төрт жыл бурын Нөкис қаласында жасаўшы бир топар пуқаралар, кекселер, ҳаял-қызлар, жаслар, мектеп оқыўшылары мәмлекетимиз басшысының атына миннетдаршылық хатларын жазған еди. Мектеп оқыўшылары болса Президентке миннетдаршылығын өзлери салған сүўретлер арқалы билдирип, мәҳәллеси, көшеси, мектеби, бақшаларының бурынғы жағдайы ҳәм жаңа көринисин сол сүўретлерде салыстырмалы сүўретлеген еди. Биреўлери сапалы қағазға, биреўлери сүўрет дәптерине, ал биреўлери әпиўайы бир бетке салған сүўретлерди көрип мен таң қалғанман. Еле кишкене бала болып, айналасындағы өзгерислерди аңлағаны, сезгенлиги ҳәм сүўретлерде сәўлелендиргенлигинен жүдә қатты тәсирленген едим. Халықты разы етиў сыяқлы машақатлы жумысты орынлаў мүмкин екенлигине тән алған едим.

Гәп сонда, Президентимиздиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Нөкис қаласында үлкен дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылған еди сонда. Бәринен бурын үйрениў ҳәм таллаўлар өткерилип қаладағы 64 мәҳәллениң 38 и ишки жоллар ҳәм абаданластырыў көзқарасынан аўыр, 8 и болса оғада аўыр деген жуўмаққа келди.

Қысқа мүддетте ишки жоллар асфальтланды, қум-шебен төселди, түнги жақтыландырғышлар орнатылды. Газ, электр энергиясы тармақлары оңланды. Бир сөз бенен айтқанда, инфраструктура жақсыланды. Бурын жазда шаң, қыста ылай кешип жүрген адамлар енди тегис ҳәм тегис жоллардан жумысқа оқыўға атланатуғын болды. Балалар жаңа шараятлардағы мектеп ҳәм бақшаларға қатнай баслады, олар ушын спорт майданшалары, ойын майданшалары қурылды. Мине, усы абатлық кеўиллерге енип, қанаатланыўшылық ҳәм шүкиршилик нөкислилерди кексе-жас Президентке өз миннетдаршылығын билдириўге ийтермелеген еди. Айтпақшы болғаным, қарақалпақстанлылар Президентке кеўлиндеги меҳир-муҳаббаты ҳәм ҳүрмет-иззетин бәрқулла, ҳәр дем миннетдаршылық пенен билдирип келген.

Кәсиби арқалы мәмлекет көлеминде жоқары абырай, итибарға ерискен, "Жыл муғаллими" таңлаўында жеңимпаз болып 50 мың АҚШ доллары эквивалентиндеги қаржыны қолға киргизген қанлыкөлли муғаллим Нигора Алламбергенова, күнине 7-10 миллион дәрамат таўып атырған, жетистирилген палыз өнимлерин ишки базардан тысқары Қазақстанның Ақтаў қаласына экспорт етип атырған мойнақлы исбилермен Нафиса Байниязовалар да өз табысының тийкары жаратылған шараятларда екенлигин атап өтип, мәжилисте Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысының келеси жылы қарақалпақ халқының уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улы туўылғанының 200 жыллығын мүнәсип белгилеў, шайырдың илимий-дөретиўшилик мийрасын үйрениў, санластырыў, қәстерлеп сақлаў ҳәм жасларға жеткериўди қамтып алған бағдарламаны ислеп шығыў усынысы да зыялыларымыз тәрепинен шексиз қанаатланыўшылық пенен күтип алынды. Себеби қарақалпақ халқы әзелден өз ата-бабаларының мийрасына садықлық пенен қатнас жасайды. Усы көзқарастан бундай ийгиликли басламалар қарақалпақ халқының миллий қәдириятларына жоқары ҳүрмет үлгиси болып есапланады.

... Және сол видеокөриниске тигиле беремен.   Нөкислилердиң "Сизди жақсы көремиз Президент" деген жүрек сөзлерине мәмлекетимиз басшысы да "Мен де сизлерди жақсы көремен" деп жуўап береди. Мине, усы мийрим-шәпәәт, аўызбиршилигимизге көз тиймесин, деймен өзиме өзим.  Президентимиз ҳәм халқымыздың Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды биргеликте қурыў мақсети әмелге асып, тыныш-татыў раўажланыўға қәдем қоя берейик.

Назира МАТЯҚУБОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты