Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (МАБА) бул тараўдағы ўәкилликли
мәмлекетлик уйым етип белгиленди.
Нызам менен риэлторларға талаплар киргизилди. Атап айтқанда, енди оқыў
курсынан өтип, имтиханнан өтиўи ҳәм маманлық сертификатын алыўы керек. Оны
профессионал жәмийетлик бирлеспелер береди.
Риэлторлық шөлкемлер ҳәм көшпес мүлк бойынша агентлер олар Бирден-бир
реестрге киргизилген күннен баслап жумысты рәсмий түрде әмелге асырыў ҳуқықына
ийе болады, бул реестрде риелторлар, көшпес мүлк бойынша агентликлер,
профессионал жәмийетлик бирлеспелер ҳәм олардың жумысы
Риэлторлық
хызметлериниң бирнеше түрлери белгиленген:
көшпес мүлкке ҳәм
оған болған ҳуқықларға байланыслы питимлер дүзиўде дәлдалшылық етиў;
көшпес мүлк объектлери
ҳәм оларға болған ҳуқықлар саўдаларын шөлкемлестириў;
көшпес мүлк объектлерин
исенимли басқарыў;
көшпес мүлк
базарында мәлимлеме, мәсләҳәт ҳәм реклама хызметлери.
Буннан тысқары,
жеке меншик сектор тәрепинен мультилистинг системасын шөлкемлестириў нәзерде
тутылмақта. Платформа "бир айна" принципи тийкарында мүддетли
шәртнамалар бойынша риэлторлық хызметлерин көрсетиў имканиятын береди.
Бул электрон
мәлимлеме алмасыўды тезлестиреди, базар қатнасыўшылары, қарыйдарлар ҳәм
сатыўшылар арасындағы байланысты әпиўайыластырады.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 08.11.2026-жылдан күшке киреди,
деп жазады «Norma».