Сондай-ақ, миллий экономикамыздың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, исбилерменлик орталығын буннан былай да жақсылаў, исбилерменлик тараўында алдынғы тәжирийбе ҳәм дәстүрлер мектебин жаратыў, өндирис ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, инновациялық технологияларды енгизиў бағдарында өрнек ҳәм үлги көрсетип атырған исбилерменлер "Фаол тадбиркор" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Бүгин усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев жыйналғанларды Исбилерменлер күни менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимиз исбилерменлери жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, өзлериниң басламасы, билим ҳәм тәжирийбеси менен экономиканың түрли тармақларында салмақлы нәтийжелерге ериспекте.

Олар тәрепинен жаңа инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, экспортқа жарамлы ҳәм импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў кеңейтилмекте, заманагөй хызмет түрлери раўажландырылмақта, халық ушын жаңа жумыс орынлары ҳәм дәрамат дәреклери жаратылмақта.

Өз тараўында алдынғы тәжирийбе ҳәм дәстүрлерди қәлиплестирип атырған, өзиниң басламасы, жаңалық ҳәм креатив идеялары менен бизнеске инновациялық технологияларды енгизип атырған исбилерменлердиң саны артып атырғаны айрықша атап өтилди.

Президентимиздиң басламасы менен қәлиплескен жақсы дәстүрге муўапық, ҳәр жылы алдыңғы исбилерменлер мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланбақта. Усы жылы талабанларды таңлаўда өндирис ҳәм экспортты көбейтиў, инвестицияларды тартыў, халықтың бәнтлигин ҳәм абаданлығын тәмийинлеў бағдарында анық нәтийжелерге ерисип атырған, жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырған исбилерменлерге айрықша итибар қаратылды.

Мәресимде мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлик сыйлықларды олардың ийелерине салтанатлы түрде тапсырды.

Сыйлықланғанлар олардың мийнетин бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырғаны ҳәм жоқары баҳалап атырғаны ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, исбилерменлер, жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.