Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының (СРИИ) директоры
Элдор Арипов мәжилис қатнасыўшылары алдында шығып сөйлеп, бүгинги күнде
Өзбекстан-Қырғызстан қатнасықларында терең сапа өзгерислери жүз берип атырғанын
атап өтти. Еки мәмлекет жетекшилериниң беккем сиясий ерк-ықрары себепли еки
тәреплеме күн тәртибиндеги барлық принципиаллық ҳәм қурамалы мәселелер табыслы
шешилгенине итибар қаратты.
Элдор Арипов бул
тарийхый шегараны сыпатлап, "Өзбекстан ҳәм Қырғызстан әмелде көп он
жыллықлар даўамында биринши мәрте өз ҳәрекетлерин өтмиш мийрасын жеңип өтиўге
емес, ал келешекти биргеликте жойбарластырыўға қаратыў имканиятына ийе
болды", деп атап өтти.
Экономика
тараўына айрықша итибар қаратылды. Он жыл алдын өз-ара товар алмасыў дерлик 100
миллион доллардан аспаған болса, бүгинги күнде бул көрсеткиш 1,2 миллиард
долларға шамаласып, өткен жылдың өзинде дерлик 40 процентке өскен. СРИИ
директоры бул санларды айрықша атап өтип, бүгинги күнде тәреплер тек ғана товар
алмасыўды көбейтиў емес, ал терең санаат кооперациясы ҳәм қоспа кәрханаларды
шөлкемлестириўге өтип атырғанын атап өтти.
Кең көлемли
инфраструктуралық басламаларды баҳалап, СРИИ директоры
"Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан" темир жолы ҳәм Қамбарата ГЭС-1
қурылысының айрықша әҳмийетин атап өтти. Оның сөзлерине бола, бул мегажойбарлар
еки тәреплеме күн тәртибинен бираз шетте, себеби "ис жүзинде гәп
Евроазияның жаңа экономикалық географиясын қәлиплестириў ҳаққында
бармақта".
Трансшегаралық
суў ресурсларынан пайдаланыў мәселелерине тоқтап өтип, Элдор Арипов "соңғы
жыллардағы тәжирийбе жоқары ҳәм төменги ағым мәмлекетлери мәплериниң дәстүрий
қарама-қарсылығы әсте-ақырын өз әҳмийетин жоғалтып, орнын мәплерди өз-ара
есапқа алыў, улыўма тәбийғый ресурслар ушын жәмәәтлик жуўапкершиликке босатып
атырғанын айқын көрсетпекте", деп атап өтти.
Сөзиниң
жуўмағында СРИИ директоры еки мәмлекет пуқаралары арасындағы байланыслар мисли
көрилмеген дәрежеде артқанын атап өтти - соңғы он жылда Өзбекстанға келген
Қырғызстан пуқараларының саны жети мәртеден аслам көбейди ҳәм өткен жылы 3,3
миллион адамға жетти. Бул республикамызға кирип келген барлық сырт елли
туристлер ағымы арасындағы ең жоқары көрсеткиш болды.
Экспертлер
кеңесиниң жуўмақларын шығарып, Элдор Арипов былай жуўмақлады: "Бүгинги
күнде Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасындағы қатнасықлар сондай раўажланыў
дәрежесине жетти, бизиң бирге ислесиўимиздиң табысы енди пайда болатуғын
машқалаларды шешиў қәбилети менен емес, ал ашылып атырған имканиятлардан
биргеликте пайдаланыў қәбилети менен белгиленеди".