51 жаслы Улле Мадисе
2015-жылдан берли Эстонияда инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил - омбудсман
лаўазымында жумыс алып бармақта. Ол келеси бес жыл даўамында мәмлекет
президенти ўазыйпасын атқарады.
1,4 миллион халыққа ийе Эстония
Россия менен шегаралас болып, НАТО ҳәм Европа Аўқамында Украинаның ең исенимли
қоллап-қуўатлаўшыларынан ҳәм Москваның кескин сыншыларынан бири есапланады.
Мәмлекет усы жылы қорғаныў қәрежетлери ушын жалпы ишки өнимниң 5,4 процентин
ажыратқан.
Эстонияда
президент парламент - Рийгикогу тәрепинен сайланади. Улле Мадисе бирден-бир
талабан сыпатында қатнасты. Оның қарсыласлары кандидатурасын дизимнен өткериў
ушын жетерли дәрежеде парламенттиң қоллап-қуўатлаўына ийе болмады.
Улле Мадисе
екинши мүддетке кандидатурасын қоймаған әмелдеги президент Алар Каристиң орнын
ийелейди.