Өзбекстан Республикасы менен Ҳиндстан Республикасы арасындағы тарийхый дослықты, кең көлемли стратегиялық шерикликти беккемлеўге қосқан үлкен жеке үлеси, көп қырлы бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм жаңа басқышқа көтериў, сиясий, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды раўажландырыў, сондай-ақ, халықларымыз арасында мәдений-гуманитарлық алмасыўды жеделлестириўдеги айрықша хызметлери ушын Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Дамодардас Моди Өзбекстан Республикасының "Олий Даражали Дўстлик" ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев