Жасалма интеллект технологияларының жедел раўажланыўы дүньядағы глобал өзгерислердиң жетекши факторларынан бири болды. Оны экономика ҳәм социаллық турмыстың барлық тараўларына енгизиў ҳеш бир мәмлекет ушын енди инновациялық үстинлик емес, ал бәсекиге шыдамлылық, нәтийжели мәмлекетлик басқарыў, халықтың турмыс сапасы ҳәм жаңалықлар пәтин белгилеп беретуғын турмыслық зәрүрликке айланды.
Жасалма интеллект түрли әмеллерди орынлаўға арналған алгоритм ҳәм бағдарламалық системалардан ибарат болып, инсан санасы орынлаўы мүмкин болған бир қанша ўазыйпаларды информация базасына киргизилген мағлыўматлар тийкарында әмелге асырады. Сондай-ақ, жасалма интеллект қурамалы таллаўлар ҳәм үлкен мағлыўматлар менен ислейтуғын программаларды өз ишине алып, логикалық избе-из пикир жүргизиў ҳәм усыныс бериў қәбилетине ийе "ақыллы" технология болып есапланады. Қәнигелер тәрепинен жасалма интеллектке төртинши санаат революциясының тийкары сыпатында қаралмақта.
Ҳақыйқатында да, жасалма интеллект қарар қабыл етиў модельлерин өзгертеди, ресурслардан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлейди ҳәм дәстүрий усыллар менен ерисип болмайтуғын жоқары технологиялық имканиятларды жаратады.
Бул болса дәстүрий кәсиплер өз орнын санлы көнликпелерге босатып атырған бир ўақытта жас әўладты ертеңги күнге таярлаўды турмыслық зәрүрликке айландырмақта. Себеби, мәлимлеме технологиялары (IТ), жасалма интеллект ҳәм креатив экономика жасларымызды келешек кәсиплерине жетеклейтуғын, олардың глобал көлемде бәсекиге шыдамлы болыўын тәмийинлейтуғын үш тийкарғы үстиндир. Бул тараўлар тек ғана жаңа жумыс орынлары емес, ал жаслардың интеллектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын толық көрсетиўи ушын шексиз имканиятлар әлеми болып есапланады.
Бүгин тараўдағы нызамшылық институты беккемленди. Атап айтқанда, 2026-жыл 21-январьда қабыл етилген "Жасалма интеллектти қолланыў арқалы жүзеге келетуғын қатнасықларды тәртипке салыў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам менен "Мәлимлемелестириў ҳаққында"ғы нызамдағы жасалма интеллект түсинигине анықлама берилди. Онда жасалма интеллект инсан билим ҳәм көнликпелерине уқсататуғын, өз бетинше үйренетуғын, шешим излейтуғын ҳәм анық ўазыйпаларды орынлаўда инсан ақылый мийнети нәтийжелери менен салыстырса болатуғын нәтийжелерге ерисе алатуғын технологиялық шешимлер комплекси сыпатында тәрийипленген.
Нызамның әҳмийетли тәрепи сонда, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине байланыслы юридикалық әҳмийетке ийе қарарлар қабыл етилип атырғанда тек ғана жасалма интеллект тийкарында ислейтуғын мәлимлеме системасының жуўмағына сүйениў мүмкин емеслиги белгилеп қойылды. Яғный машина мәсләҳәт бериўи мүмкин, бирақ инсан тәғдирин шешиўши соңғы сөз ҳәм жуўапкершилик бәрқулла инсанда қалады. Бул Президентимиз алға қойған "Инсан қәдири ушын" принципиниң технология тараўындағы анық көриниси болып есапланады.
Быйыл 28-август күни мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз бес жыллығына бағышлап өткерилген салтанатлы мәресимде Президентимиз келеси он жыллықты елимиз ушын "миллий раўажланыў дәўири" деп атады ҳәм инсан қәдирин және де жоқарылатыўға қаратылған жети миллий бағдарламаны жәриялады.
"Биз билимлендириў менен бир қатарда илим, заманагөй технология ҳәм инновацияларды да раўажланыўымыздың шешиўши факторы, деп билемиз. Соның менен бирге, IТ, жасалма интеллект, креатив экономика сыяқлы бағдарлардың раўажланыўына жаңа руўх берип, оғада үлкен ҳәрекетти баслап жибердик. Бул арқалы 10 миллион жасларымызды санлы индустрия ҳәм келешек кәсиплерине алып келемиз.
Ғәрезсизлик байрамымыз алдынан қытайлы шериклеримиз бенен "Самарқанд – 2028" жасалма жолдасын космосқа ушырғанымыз бизге айрықша мақтаныш бағышлайды.
Мениң нийетим: Өзбекстан технология тараўларында дүньяға алдынғы басламаларды усыныс ететуғын орайға айланыўы зәрүр.
Өзбек тили санлы дүньяда илим ҳәм технология жаратылатуғын тил болыўы керек", деди мәмлекетимиз басшысы.
Атап өтилгениндей, дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеўимиз ушын бизге билимли, келешек кәсиплерин пуқта ийелеген, еркин пикирге ийе болған жаңа әўлад қәнигелери керек.
Бүгин жасларға шет тиллер ҳәм кәсип-өнер үйрениўи ушын мүнәсип шараятлар жаратылған. Оларда билим алыўға қызығыўшылық күшейди. Ата-аналар ушын перзентиниң жоқары мағлыўматлы болыўы тек әрман емес, ал ерисиў мүмкин болған мақсетке айланды. Ҳәзирги күнде студентлер саны 1 миллион 600 мыңға жетти.
Кейинги жылларда әмелге асырылған жумыслар, тараўға берилип атырған жоқары итибардың нәтийжесинде бир қатар жетискенликлерге еристик. Атап айтқанда, Өзбекстан жасалма интеллектке таярлық бойынша халықаралық рейтингте 25 текше жоқарылап, 62-орынға көтерилди. 2030-жылға шекем елимизди бул рейтингте дүньядағы ең алдынғы 50 мәмлекет қатарына киргизиў мақсет етилген. Сондай-ақ, жасалма интеллект тийкарында жаратылған программалық өним ҳәм хызметлердиң көлемин 1,5 миллиард долларға жеткериў, инфраструктураны кеңейтиў және 200 ден аслам жаңа жойбарды әмелге асырыў режелестирилген.
"Санлы ҳүкимет" дата орайында АҚШтың «NVIDIA» технологиялары тийкарындағы суперкомпьютер иске қосылды. Ол қуўаты бойынша дүнья рейтингинде 321-орынды ийеледи. Бир ай ишинде кластер жүклемесиниң 90 процентке жеткени мәмлекетимизде есаплаў қуўатлықларына талап жоқары екенин көрсетпекте.
Бүгинги күнге шекем 24 миллион долларлық заманагөй есаплаў инфраструктурасы иске қосылды. Әмелдеги кластерди кеңейтиў ушын және 70 миллион доллар қаратылады. Бул бағдарда IТ парк резидентлери, стартаплар ҳәм 20 дан аслам жасалма интеллект лабораториясы менен системалы бирге ислесиўди жолға қойыў айрықша әҳмийетке ийе. Усы жылы бул бағдарда жумыс алып барып атырған резидентлердиң санын 300 ге, олар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлердиң көлемин 2 триллион сумға, экспортты болса 160 миллион долларға жеткериў күтилмекте.
Ең әҳмийетлиси, тараўда кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Усы бағдарда ҳәзирги күнге шекем 1,5 миллионнан аслам пайдаланыўшы жасалма интеллект бойынша арнаўлы сертификат алды. Сондай-ақ, 900 басшы, 3 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметкер, мың банк хызметкери ҳәм 200 мәсләҳәтшилер арнаўлы курсларда оқытылды.
"Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери" жойбары шеңберинде оқыўшылар, студентлер, оқытыўшылар ҳәм кең халық қатламлары ушын заманагөй оқыў-методикалық материалларды ислеп шығыў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Бундай басламалар жаслардың заманагөй технологияларды өзлестириўи, санлы экономика талапларына сәйкес билим ҳәм көнликпелерди ийелеўи және халықаралық тәжирийбеден пайдаланыўына хызмет етиўи менен әҳмийетли болып есапланады.
Бир сөз бенен айтқанда, қойылып атырған ҳәр бир қәдем, әмелге асырылып атырған ҳәр бир реформа, енгизилип атырған ҳәр бир система халқымыздың абадан турмысы ҳәм елимиздиң раўажланыўы ушын хызмет етеди.
Ботирали ШОДИЕВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты