* Аграр тараўдағы төлемлер агентлиги тәрепинен нәсилли сыйырларды бағыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын мәмлекетлик бюджеттен субсидиялар ажыратылады.
* Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы ҳәм стипендиялары муғдары 7 процентке арттырылады.
* Жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (МҲТЕКМ), базалық есаплаў муғдары (БЕМ), мәмлекетлик бажы ҳәм социаллық салық арттырылмақта.
* Әмелдеги газ баллонлы үскене (ГБО) техникалық
көриксиз автомобильлерге газ қуйыў қадаған етиледи.
* Сырт мәмлекетлерден мирәт етилетуғын туроператорлар ўәкиллериниң транспорт, жасаў ҳәм аўқатланыў қәрежетлериниң бир бөлеги Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры есабынан қаплап бериледи. Сондай-ақ, жергиликли туроператорлардың
сырт елдеги мәлимлеме-түсиндириў илажлары ушын қәрежетлериниң 25 процентке
шекемги бөлеги (бирақ 500 миллион сумнан көп болмаған муғдарда) қаплап
бериледи.
* Айрықша
билимлендириўге мүтәжлиги болған балаларды оқыўға тартыў бойынша
"шаңарақлық" система енгизиледи. Социаллық хызметкер ата-аналарға
билимлендириў ҳәм социаллық хызметлерден пайдаланыўда жәрдем береди.
* Коррекция классына ийе
мәмлекетлик емес мектеплерге бундай класста оқып атырған ҳәр бир
оқыўшы ушын субсидия ажыратылады.
* "1146"
исеним телефоны арқалы адам саўдасынан жәбирленгенлердиң мүрәжатлары қабыл
етиледи. Оларға социаллық, психологиялық, ҳуқықый ҳәм басқа да мәселелер
бойынша мәсләҳәт бериледи.
* Турақ жайға ие
болмаған шахсларды судтың қарары тийкарында социаллық орайларға жайластырыў
бийкар етиледи. Олар тек ғана разылығы менен жайластырылады, ўақтынша турақ жай
менен, сондай-ақ, азық-аўқат ҳәм жеке гигиена қураллары менен тәмийинленеди.
* Баспанасы болмаған шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў жаңа қағыйдалар тийкарында болады.
* Спорт мектеплери хызметкерлериниң мийнет
ҳақысының базалық ставкасына ғалабалық спорт
илажлары қатнасыўшыларын раўажландырыў ҳәм
таңлап алыў
жумыслары, сондай-ақ,
спорт нәтийжелери ушын айлық үстемелер төленеди.
* "Өзсуўтәмийнат"
тәрепинен пайдаланыўға тапсырылған барлық инфраструктураны раўажландырыў
жойбарлары бағдарламалардың орынланыўын мониторинг етиў мәлимлеме системасында
көрсетиледи.
* 4-6-сентябрь
күнлери Самарқандта Парламентлераралық аўқам Жаслар парламенти ағзаларының XII
Пүткилжәҳән конференциясы болып өтеди.
* Электрон мәмлекетлик сатып алыўлар системасында аутсорсинг хызметлерин шөлкемлестириў ушын
арнаўлы бет
иске қосылады.
* Барлық түрдеги
жанылғы қуйыў шақапшалары ҳәм газ қуйыў комплекслеринде, соның ишинде,
жанылғыдан өз мүтәжликлери ушын пайдаланатуғын объектлерде артықша басым
астында ислейтуғын, пайдаланыў мүддети өткен ямаса таярланған сәнеси белгисиз
үскенелерден пайдаланыў шекленеди.
* 17-сентябрьге
шекем бир қатар кәрхана ҳәм шөлкемлерде алкоголь ҳәм темеки өнимлерин
пайдаланыўдың зыяны ҳаққында жаңа мәлимлеме панельлерин таярлаў ҳәм жайластырыў
зәрүр.
* Автоматластырылған төлем
системасы терминаллары менен
тәмийинленген автобусқа миниўде жолаўшы жол
ҳақысын төлеўи керек.
* Пайтахт жәмийетлик
транспортында ҳәм қала әтирапындағы темир жол жөнелислеринде жол ҳақы төлеўдиң
интеграцияласқан системасы, соның ишинде, "электропоезд - автобус"
ҳәм "электропоезд - метро" тариф режелери енгизиледи.
* Тийкарғы жумысы
концерт тамашалары, кинематография, балалар ушын контент жаратыўдан ибарат
болған субъектлер, мәмлекетлик емес театрлар ҳәм театр-студиялар, сондай-ақ,
мәденият ҳәм көркем өнер бағдарындағы жеке меншик билимлендириў шөлкемлери
қосымша қун салығы (ҚҚС), пайда салығы, айланыстан алынатуғын салық, жер
салығы, мүлк салығынан азат етиледи, оларда жумыс алып барып атырған
хызметкерлер - физикалық шахслардың дәрамат салығы (ФШДС)нан азат етиледи.
* Бюджеттен қаржыландырылатуғын
театрлар ҳәм концерт-тамаша мәкемелеринде жумыс алып барып атырған аяқ ойын
жәмәәтлериниң көркем басшысы, балетмейстер, репетитор ҳәм балет артистлериниң
лаўазымлық мийнет ҳақыларын анықлаўда тариф коэффициентлериниң муғдары 2 есеге
арттырылады.
* 18 жасқа толған
ҳәм оннан үлкен жастағы ақылый жетиспеўшиликтиң терең дәрежеси диагнозы
қойылған шахслардың тәрбиясы менен бәнт болған нызамлы ўәкилге басқалардың
тәрбиясына мүтәж майыплығы болған 18 жасқа толмаған баланың тәрбиясы менен бәнт
болған баланың нызамлы ўәкилине төленетуғын тәрбиялаў напақасы муғдарында ҳәр
айда тәрбиялаў напақасы төленеди.
«Norma»
мәлимлеме-ҳуқықый порталы.