Мәмлекет басшылары Өзбекстанда қоспа жойбарларды әмелге асырып атырған ҳәм әмелге асырыўды режелестирип атырған Германияның жетекши компанияларының ўәкиллерин де қутлықлады.
Еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими де болып өтти. Өзбекстанда турақлы қала қурылысы жойбарларын әмелге асырыў ушын грант қаржылары ҳәм жеңиллетилген қаржыландырыўды ажыратыўды нәзерде тутатуғын финанслық бирге ислесиў бойынша келисимлерге қол қойылды.
Еки мәмлекет жетекшилериниң қатнасыўында бир қатар биргеликтеги инвестициялық ҳәм билимлендириў жойбарларына старт берилди.
Ташкент қаласында «Volkswagen» автомобильлерин ири узелли жыйнаўды шөлкемлестириў, Әндижан ўәлаятында логистика орайын қурыў, суйық турмыслық жуўыў өнимлерин ислеп шығарыў, темир жол тараўы ушын қәнигелер таярлаў, заманагөй имтихан орайларын ашыў усылардың қатарына киреди.
Бул басламалардың әмелге асырылыўы санаат кооперациясын кеңейтиў, инфраструктураны раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм Өзбекстан - Германия шериклигин буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.