Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларда айрықша белсендилик
көрсетип атырған, өзиниң билими, таланты, ерк-ықрары, интакерлиги, жемисли
мийнети менен Ўатанымыздың раўажланыўына, Жаңа Өзбекстанның халықаралық
көлемдеги абырайы ҳәм статусын және де арттырыўға үлкен үлес қосып атырған,
жоқары мәнаўиятлы, еркин пикирлейтуғын, беккем турмыслық позицияға, кең дүньяқарасқа
ҳәм үлкен потенциалға ийе, халқымыздың мәплери ҳәм келешеги ушын
жуўапкершиликти өз мойнына алатуғын пидайы ҳәм мәрт жасларымызды мүнәсип
хошаметлеў мақсетинде қарар етемен:
1. Өзбекстан
Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм геральдика бойынша
комиссияның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан келген
талантлы жигитлерди илим, билимлендириў, медицина, мәденият, көркем өнер,
спорт, өндирис, әскерий хызмет тараўында ҳәм ҳуқықты қорғаў уйымлары
жумысындағы айрықша жетискенликлери ушын "Мард ўғлон" мәмлекетлик
сыйлығы менен сыйлықлаў ҳаққындағы усыныслары қосымшадағы дизимге муўапық
мақуллансын.
2. "Мард
ўғлон" мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғанларға диплом ҳәм көкирек
белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылсын.
3. Экономика ҳәм
қаржы министрлиги "Мард ўғлон" мәмлекетлик сыйлығының ҳәр бир
лауреатына базалық есаплаў муғдарының 50 есеси муғдарында ақшалай сыйлық
берилиўин тәмийинлесин.
4. Өзбекстан
Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да
ғалаба хабар қуралларына "Мард ўғлон" мәмлекетлик сыйлығы
лауреатларының ибратлы жумысы, бийбаҳа таланты ҳәм жетискенликлерин кеңнен
сәўлелендириў усыныс етилсин.
5. Усы қарардың
орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм
Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ғ.Ғ.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти
Ш.Мирзиёев