Airbus A320” самолёты саат 02:05 те пайтахт аэропортына келип қонды. Дәстүрге бола, ҳаўа кемеси суў аркасы менен күтип алынды, жолаўшылар ҳәм экипажға гүллер ҳәм миллий мазалы затлар тапсырылды.

Ушыў аймағында “Etihad Airways”, “Uzbekistan Airports” ҳәм БАӘниң Өзбекстандағы елшиханасы ўәкиллериниң қатнасыўында байрам салтанаты болып өтти. Илаж даўамында қутлықлаў сөзлери айтылды, соң жаңа авиақатнаўлардың ашылыўы белгиси сыпатында лентаны кесиў мәресими болып өтти. Илаж байрам тортын кесиў ҳәм улыўма фотосессия менен жуўмақланды.

Жаңа жөнелис бойынша пәрўазлар ҳәр күни “Airbus A320” самолётларында әмелге асырылады, бул болса Ташкент ҳәм Абу-Даби арасында турақлы тиккелей авиақатнаўларды тәмийинлейди.

Etihad Airways”тиң Өзбекстан базарына кириўи мәмлекетимиздиң халықаралық авиақатнаўларын раўажландырыў ушын әҳмийетли ўақыя болып есапланады. “Etihad Airways” - дүньяның жетекши авиакомпанияларынан бири болып, Ташкентте усындай бирге ислесиўшиниң пайда болыўы жолаўшылар ушын жаңа имканиятлар ашады ҳәм Өзбекстанның халықаралық авиация картасындағы орнын беккемлейди. Абу-Даби менен күнлик тиккелей қатнаў тек ғана еки мәмлекет арасындағы исбилерменлик ҳәм туризм байланысларын раўажландырыў емес, ал жолаўшыларға региондағы ең ири авиация хабларынан бири арқалы келешекте саяхат етиў ушын қолайлы имканиятлар жаратады," - деп атап өтти “Uzbekistan Airports” баспасөз хызмети.

Etihad Airways” - Бирлескен Араб Әмирликлериниң миллий авиакомпаниясы болып, 2003-жылы шөлкемлестирилген ҳәм Абу-Даби халықаралық аэропортында жайласқан. Авиакомпания кең жөнелис тармағына ийе болып, ҳақылы түрде дүньяда жетекши авиатасыўшылардан бири болып есапланады.

“Etihad” пәрўазлардың қәўипсизлиги, хызмет сапасы ҳәм жолаўшыларға хызмет көрсетиў дәрежеси бойынша халықаралық тармақ рейтинглеринен турақлы жоқары баҳа алып келмекте. Буннан тысқары, авиакомпания турақлы түрде дүньяның ең жақсы тасыўшылары қатарына киреди ҳәм Британияның бийғәрез “Skytrax” агентлигиниң 4 жулдызлы сапа сертификатына ийе.