Президенттиң 2026-жыл 25-марттағы қарарына муўапық, "Автомобильсиз
күн" ҳәм "Автомобилсиз ҳәптелик" акциялары ҳәр айдың 10-ҳәм 25-сәнелеринде
өткериледи.
Акцияны өткериўден мақсет автотранспорт қуралларынан зыянлы шығындыларды
азайтыў, транспорт жүгин азайтыў, жәмийетлик ҳәм экологиялық таза транспорттан
пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў болып есапланады.
Миллий экология
комитети мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерди, сондай-ақ, пуқараларды
акцияда қатнасыўға ҳәм имканияты болғанынша жәмийетлик транспорт, велосипед,
электромобиль ҳәм басқа да экологиялық таза транспорт қуралларынан пайдаланыў
ушын автомобильлерден ўаз кешиўге шақырады.
Соның менен
бирге, акция шеңберинде мәмлекетлик пуқаралық хызметкерлериниң автомобильлерден
пайдаланыўы жуўапкершиликке себеп болады.