Илажға Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм
регионлараралық изертлеўлер институтының директоры (СРИИ) Элдор Арипов
қатнасты.
Илаж халықаралық бирге ислесиў, турақлы раўажланыў, климат ҳәм энергетика
қәўипсизлиги, глобал басқарыўда санлы технологиялардың орны ҳаққында пикир
алысыў майданына айланды.
Глобал тарқалыў шараятында климат тараўындағы бирге ислесиўге бағышланған
сессияда шығып сөйлеген Э.Арипов сиясий тарқоқлық күшейип атырған бир ўақытта
климат өзгериўи мәмлекетлердиң өз-ара байланыслылығын күшейтетуғынын атап өтти.
Оның пикиринше,
климат қәўип-қәтерлери тек ғана қәўип-қәтерлер дәреги емес, ал регионаллық
бирге ислесиўдиң әҳмийетли стимулына айланбақта. Бул, әсиресе, суў, азық-аўқат
ҳәм энергетика қәўипсизлиги бир-бири менен тығыз байланысқан Орайлық Азияда
анық көзге тасланбақта.
Ол келтирип өткен
мағлыўматларға қарағанда, Орайлық Азияда температура дүньядағы орташа
көрсеткиштен еки есе тез көтерилмекте, музлықлар майданы болса соңғы алты он
жыллықта шама менен 30 процентке қысқарған. Соның менен бирге, музлықлар
регионда суў ресурсларының дерлик 90 процентин қәлиплестириўде, аўыл хожалығы, энергетика
ҳәм миллионлаған адамлардың турмысын тәмийинлейтуғын Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяны
азықландырыўда әҳмийетли роль атқарады.
Демографиялық ҳәм
экономикалық өсиў ресурсларға болған талапты арттырады. Болжаўларға қарағанда,
2050-жылға барып Орайлық Азия халқының саны 100 млн адамға жетеди. Суў,
азық-аўқат ҳәм энергияға болған талап артады, климаттың өзгериўи болса олардың
жетерли болыўын анықлап болмайды.
Э.Арипов бул
машқалаларды шешиў жоллары ҳаққында сөз етип, регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетин
атап өтти. Оның түсиндириўинше, БМШ улыўма климат мақсетлерин белгилейди, бирақ
оларға ерисиў ҳәр бир регионның өзгешеликлерин есапқа алыўды талап етеди.
Себеби бир неше мәмлекетлерди өз ишине алған дәрья бассейнлери ҳәм музлықлар
системасын сақлап қалыў келисилген ҳәрекетлерсиз мүмкин емес.
СРИИ директорының
пикиринше, регионаллық форматлар глобал қарым-қатнас қыйын болған жағдайларда
айрықша әҳмийетке ийе. Олар әмелий бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм улыўма
ўазыйпаларды шешиў имканиятын береди.
Э.Арипов климатты
қаржыландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратты. Оның атап өтиўинше,
халықаралық қоллап-қуўатлаў көпшилик жағдайларда айырым мәмлекетлер ҳәм
жойбарларға қаратылған, бирақ климат қәўип-қәтерлери бир ўақыттың өзинде бир
неше мәмлекетке тәсир етпекте.
Усы мәниде,
эксперт тәбийғый ресурсларды сақлаў ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў бойынша
биргеликтеги жойбарлар ушын қаржы механизмлерин ислеп шығыўға шақырды. Бундай
қатнас улыўма дәрья бассейниниң жағдайына байланыслы болған барлық
мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алыў имканиятын береди.
СРИИ директоры
климаттың өзгериўине бейимлесиўди тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында атап
өтти. Оның атап өтиўинше, раўажланып атырған мәмлекетлер ушын узақ мүддетли энергетикалық
өтиў менен бир қатарда күнделикли ўазыйпаларды шешиў: фермерлерди суў менен тәмийинлеў,
халықты суў тасқынлары ҳәм қурғақшылыққа таярлаў, адамлардың дәрамат дәреклерин
сақлап қалыў әҳмийетли.
Сөзиниң
жуўмағында Э.Арипов геосиясий келиспеўшиликлер халықаралық бирге ислесиўди
тоқтатып қоймаўы керек екенлигин атап өтти. Суў ресурсларын басқарыў, экологиялық
мониторинг ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў турақлы қарым-қатнастың тараўы
болып қалыўы керек.
Мағлыўмат ушын:
Илаж әмелдеги ҳәм бурынғы мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, БМШ, халықаралық
шөлкемлер, парламентлер, эксперт ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллерин
бирлестирди. Ҳүрметли қатнасыўшылар арасында Латвия ҳәм Черногорияның әмелдеги
президентлери, сондай-ақ, Болгария, Хорватия, Сербия, Словения, Финляндия,
Босния ҳәм Герцеговина, Австрия, Уллы Британия, Бельгия, Чехия, Румыния, Греция
ҳәм басқа да мәмлекетлердиң бурынғы президентлери ҳәм бас министрлери бар.
Оның ашылыўында
Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң (ЖДСШ) бас директоры Тедрос Адханом
Гебреесус, БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШ Цивилизациялар альянсының Жоқары
ўәкили Мигель Анхель Моратинос, БМШ Европа экономикалық комиссиясының (ЕЭК)
атқарыўшы хаткери Татьяна Молчан, Қытай ҳүкиметиниң Европа мәселелери бойынша
бурынғы арнаўлы ўәкили У Хунбо қутлықлаў сөзлери менен шығып сөйледи.