Тәреплер Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесиниң барысы ҳәм оны жуўмақлаў ушын зәрүр болған кейинги қәдемлерди додалады.

"Ҳүрметли Оконджо-Ивеала ханымға турақлы қоллап-қуўатлағаны ҳәм экспертлик жәрдеми ушын миннетдаршылық билдиремен. Биз жолдың үлкен бөлегин өтип болдық, енди жеделликти сақлап қалыў ҳәм бул процессти ақырына жеткериў әҳмийетли", - деп атап өтти Саида Мирзиёева.