Мәмлекетимизде мәмлекетлик байрақлар төмен түсирилген, концертлер, фестивальлар ҳәм басқа да байрам илажлары бийкар етилген ямаса көширилген. Телеканал ҳәм радиоканаллар кеўилашар бағдарламаларды мәлимлеме көрсетиўлери ҳәм арнаўлы еситтириўлер менен алмастырды, деп жазады “Interfax.ru”.

Апатшылық 24-сентябрь күни Қазақстан әскерий-теңиз күшлери шынығыўлары ўақтында жүз берген. Ҳаўа-райының кескин жаманласыўы ҳәм самалдың күшейиўи нәтийжесинде 17 әскерий хызметкер Каспий теңизине ағып кетти. Олардан 12си қайтыс болды, үшеўи қутқарылды, және еки адамды излеў жумыслары даўам етпекте.

Қайтыс болғанлар арасында аға лейтенант атағындағы офицер ҳәм 11 мүддетли әскерий хызметкер бар.

Әскерий хызметкерлердиң қайтыс болыўы бойынша жынаят иси қозғатылды. Ўақыя себеплерин анықлаў ушын Бас министрдиң орынбасары Қанат Бозумбаев басшылығында ҳүкимет комиссиясы дүзилди.