Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентин мәмлекетимиз тарийхында бир палаталы қурылтайға биринши сайлаў табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Жаңа Қурылтай Қазақстандағы избе-из реформаларды және де алға қойыўда әҳмийетли фактор болатуғынына, кең көлемли реформаларды нәтийжели нызамшылық жақтан қоллап-қуўатлаўды тәмийинлейтуғынына ҳәм мәмлекеттиң турақлы раўажланыўына жаңа пәт бағышлайтуғынына исеним билдирилди.

Сөйлесиўде мәмлекет басшылары Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жедел раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара саўданы және де кеңейтиў, санаат кооперациясын арттырыў, қоспа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, транспорт-логистика байланысларын раўажландырыў, сондай-ақ, еки мәмлекет аймақлары арасындағы исбилерменлик байланысларын жеделлестириў ушын жаңа имканиятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.