Үш жыл алдын қурылысы басланған Жаңа Ташкент мәмлекетимиз тарийхындағы ең ири қала қурылысы жойбары болып есапланады. Қәўипсиз ҳәм "жасыл" қала сыпатында қурылып атырған аймақта биринши басқыштың өзинде заманагөй технологиялық шешимлерге тийкарланған 50 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.
Қалада 2 мың гектар жасыл майдан ҳәм 500 гектар дем алыў бағлары шөлкемлестириледи. "Жасыл қурылыс стандартлары" тийкарында 150 миллион квадрат метр турақ жай ҳәм турақ жай емес майданлар қурылады.
Өткен дәўирде Жаңа Ташкентте 2 миллиард долларлық жумыслар орынланды. Турақ жайлар, университетлер, китапхана ҳәм амфитеатр қурылды. Бүгинги мәресимде улыўма баҳасы 1 миллиард доллар болған жети объект иске қосылды.
Булар "Шығыс бәҳәри" турақ жай комплексиниң биринши басқышы, жол ҳәм инфраструктура объектлери, "Жаңа Ташкент" 1-санлы подстанция, тригенерация станциясы, Саўда-санаат палатасының имараты, "Жағалық бағы" дем алыў бағы ҳәм 2 мың орынлық улыўма билим бериў мектеби болып есапланады.
Түркияның “MIMSAN” компаниясының қатнасыўында 73 миллион доллар инвестиция есабынан қурылған тригенерация станциясы 100 мың шаңарақты орайласқан түрде ысытыў ҳәм суўытыў, соның менен бирге электр энергиясын ислеп шығарыў имканиятын береди. Қытайдың “Haocheng Industry Group Limited” компаниясы менен қурылған подстанция ҳәм жоқары күшлениўли электр тармақлары жойбарының баҳасы 95 миллион долларды қурайды.
Сондай-ақ, 18 километр автомобиль жолы қурылып, 13 километр канализация ҳәм 4,5 километр ишимлик суў тармақлары тартылды. Жағалық бойлап 10 километрлик "Жағалық бағы"нда пиядалар ҳәм велосипед жоллары шөлкемлестирилди. "Шығыс бәҳәри" турақ жай комплексиниң дәслепки басқышында дерлик 7 мың квартира қурылды.
Мәресимде Қытай, Түркия, Бирлескен Араб Әмирликлери ҳәм басқа да сырт елли шериклердиң қатнасыўында улыўма баҳасы 2,5 миллиард доллар болған және он ири жойбардың қурылысына старт берилди.
Олардан бири жоқары технологиялық өнимлер ҳәм ярым өткизгишлер ислеп шығарыўға қәнигелескен "Deep Tech парк" санаат зонасы болып есапланады. Оны қурыўға 320 миллион доллар қаратылады. Келешекте бул жерде улыўма баҳасы 1,7 миллиард долларлық жойбарлар жайластырылады.
Финляндияның “MariMatic” компаниясының қатнасыўында шығындыларды жыйнаў ҳәм олардан "жасыл" электр энергиясын алыў жойбары әмелге асырылады. Сондай-ақ, көп квартиралы турақ жайлардың төбесине улыўма қуўатлылығы 20 мегаватт болған фотоэлектр системаларын орнатыў режелестирилген.
Жаңа Ташкентти пайтахт пенен байланыстырыў ушын Темур Малик көшеси ҳәм 4R12 автомобиль жолы арасында көпир, жол өткел ҳәм 10 километр жол қурылады. Метро бәндиргилерине тутасқан жер асты автомобиль турыў орнын қурыў да жаңа жойбарлардан бири.
Улыўма майданы 818 мың квадрат метрден аслам болған "Метрополис" бизнес-ситинде офислер, мийманхана, турақ жайлар ҳәм хызмет көрсетиў объектлери жайласады. Майданның 500 мың квадрат метр бөлеги бизнес ушын мөлшерленген. Бул жерде 1,5 мың адамның бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған.
Буннан тысқары, "Silk City", "Мавж" ҳәм "Маржон" турақ жай комплекслери және 120 орынлық Жаңа Ташкент орайлық емлеўханасы қурылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлар Жаңа Ташкенттиң бизнес, туризм ҳәм мәденият орайы сыпатында қәлиплесиўине хызмет ететуғынын атап өтип, қаланы қурыўда қатнасып атырған қурылысшылар, инженерлер, жойбарлаўшылар ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилерге миннетдаршылық билдирди.