Ушырасыў конструктивлик ҳәм әмелий руўхта өтти. Тәреплер бир-бирин
қутлықлаў сөзлери менен алмасты, атом электр станциясы жойбарын әмелге асырыўда
қатнасып атырған Өзбекстан шөлкемлериниң презентацияларын тыңлады, станцияны
қурыў ҳәм келешекте эксплуатациялаўдың техникалық ҳәм экологиялық тәреплери
бойынша жумысшы мәжилис өткерди.
"Өзатом" агентлиги директоры Азим Ахмедхаджаев атап өтти:
"Қәўипсизлик
- Өзбекстан миллий атом бағдарламасының сөзсиз тийкарғы бағдары. Биз миллий
нызамшылық ҳәм халықаралық стандартларға муўапық ядролық, радиациялық ҳәм экологиялық
қәўипсизлик системасын избе-из қурып атырмыз. Қоңсы мәмлекетлер, бәринен бурын,
Қазақстан менен ашықтан-ашық сөйлесиў өз-ара исенимди беккемлеп, жойбарды
әмелге асырыўдың барлық басқышларында регионаллық шараятты есапқа алыў
имканиятын береди”.
Қазақстан
Республикасы Экология ҳәм тәбийғый ресурслар министри орынбасары Мансур
Ошурбаев:
"Қазақстан
регионда атом энергетикасының турақлы ҳәм қәўипсиз раўажланыўынан мәпдар.
Тәжирийбе алмасыў, көзқараслардың ашық-айдынлығы ҳәм қоршаған орталықты қорғаў
мәселелери бойынша биргеликтеги жумыслар еки мәмлекет ҳәм Орайлық Азия халқының
мәплерине жуўап береди. Бүгинги сөйлесиўлер мәмлекетлеримиз арасындағы
стратегиялық шерикликтиң жоқары дәрежесин тастыйықлайды”.
Презентацияда
"АЭС қурылысы дирекциясы" мәмлекетлик мәкемеси, «O‘zGASHKLITI» институты
ҳәм «UzLITI Engineering» компаниясы шығып сөйледи. Қатнасыўшыларға жойбарлаў,
излеў ҳәм таярлық жумысларының барысы, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм экологиялық
мониторинг бойынша қолланылып атырған көзқараслар ҳаққында әҳмийетли
мағлыўматлар берилди.
Жумысшы мәжилис
даўамында Қазақстан тәрепи өзлерин қызықтырған сораўларға Өзбекстан
Республикасы Энергетика, Экология ҳәм Айрықша жағдайлар министрликлери
ўәкиллери түсиник ҳәм қосымша түсиниклер берди. Тәреплер қатнасыўшы уйымлардың
ўәкилликлери шеңберинде жойбардың техникалық ҳәм экологиялық тәреплерин
додалады.
Ушырасыў
жуўмағында келешектеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары, соның ишинде,
"жол картасы" ҳәм гезектеги қәдемлер келисип алынды.
Аймақлардың
кадрлар ҳәм экспертлик потенциалын қәлиплестириў мәселелерине де айрықша итибар
қаратылды. Өзбекстан тәрепи Орайлық Азия мәмлекетлери қәнигелериниң
билимлендириў модуллерин ҳәм әмелий таярлығын, заманагөй лабораториялар
тийкарында тренажёр таярлығын, МАГАТЭ усынысларына муўапық миллий ядро
инфраструктурасын раўажландырыў бойынша эксперт мәсләҳәтлерин, академиялық
мобилликтиң бирден-бир платформасын, сондай-ақ, республикада АЭС қурыў ҳәм эксплуатациялаў
тәжирийбеси тийкарында "билимлер базасы"н бирлестириўге қаратылған
қәнигелестирилген орайдың концепциясын усынды. Орайдың тийкарғы бағдарлары
арасында ядролық ҳәм радиациялық қәўипсизлик мәдениятын беккемлеў,
нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў ҳәм тыныш атомның социаллық мақбуллығын
арттырыў, соның ишинде, “Nuclear Knowledge Platform” ҳәм “Nuclear Energy
Modelling Hub” санлы платформалары арқалы әмелге асырылады.
Тәреплер регионда тыныш атом энергетикасын қәўипсиз ҳәм жуўапкершиликли раўажландырыў жолында турақлы экспертлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екенин тастыйықлады.