Сапар шеңберинде Өзбекстан тәрепи ўәкиллери темир жол ҳәм мультимодал жүк тасыўларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, Қазақстанның халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў бағдарындағы тәжирийбеси менен танысты.

Атап айтқанда, делегация Қазақстан-Қытай шегарасындағы Алтынкөл темир жол станциясы, "Кедентранссервис" акционерлик жәмийети терминалы, “KTZE-Khorgos Gateway” қурғақлық порты, "Хоргос-Шығыс дәрўаза" арнаўлы экономикалық зонасы ҳәм "Хоргос" шегараалды бирге ислесиў халықаралық орайында болды.

Ушырасыўларда Қытай - Қазақстан - Орайлық Азия жөнелиси бойынша жүклердиң үзликсиз ҳәрекетин тәмийинлеў, контейнер тасыўларды кеңейтиў, мультимодал транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм логистика жөнелислерин диверсификациялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Буннан тысқары, "Кедентранссервис" акционерлик жәмийетиниң Алтынкөл станциясындағы терминалында тәреплер қоспа кәрхана шөлкемлестириў бойынша келисимге еристи.

Ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасында транспорт-логистика тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, жүк тасыўлардың нәтийжелилигин арттырыў, регионаллық транспорт коридорларын раўажландырыў ушын қосымша имканиятлар жаратады.