Ушырасыўда “BlackRock” компаниясының президенти Роберт Капито, компания баслығының орынбасары Томас Донилон, “Global Infrastructure Partners” баслығы ҳәм бас атқарыўшы директоры Адебайо Огунлеси, сондай-ақ, компанияның Финанслық ҳәм стратегиялық инвесторлар топарының глобал басшысы ҳәм Жақын Шығыс бойынша басшысы Чарльз Хатами қатнасты.

Тәреплер 2027-жылы Ташкент халықаралық финанс орайын иске қосыў мәселесин додалады. “BlackRock”  Орайдың концепциясы ҳәм структурасын қәлиплестириўде жәрдем береди.

Буннан тысқары, Америка исбилермен топарларының ўәкиллери менен биргеликтеги дөгерек сәўбетинде Өзбекстан ҳәм регионның келеси он жыллықтағы раўажланыў перспективалары додаланды.

- Өзбекстан ири сапалы инвестициялар ушын ашылмақта, - деди Саида Мирзиёева.