Бул ҳаққында Венесуэла денсаўлықты сақлаў министри Карлос Алварадо баянатына сүйенип, teleSURtv хабар бермекте, деп жазбақта Report.

Дәслепки мағлыўматларға бола, 157 адам бийдәрек жоғалған, 200 адам үйде қалған, жәбирленген шаңарақлардың саны 2 мың 927 ден артқан.

Буннан тысқары, инфраструктураға да үлкен зыян жеткен: 250 имарат ҳәм 8 емлеўхана зыянланған, айырымларын қыстаўлы түрде эвакуациялаўға туўра келген.

Бул жерде 100 ден аслам имарат қулаған болып, ҳүкимет аўыр техникаларды тартпақта ҳәм 11 мың 500 қәўипсизлик хызметкерлерин қутқарыў жумысларына тартыўға таярлық көрмекте.

Сальвадор ҳәм Доминикан сыяқлы мәмлекетлер әллеқашан жәрдем бригадаларын жиберген, Қурама Штатлар болса жәрдем көрсетиў менен байланыслы айрықша операцияларды әмелге асырыўға рухсат берип, оларды әмелдеги санкциялардан азат еткен ҳәм айрықша жағдайларда қоллап-қуўатлаў ушын гуманитар шөлкемлер арқалы 150 миллион доллар ажыратқан.

Пайтахттағы авиақатнаўлар тийкарғы аэропорттағы машқалалар себепли елеге шекем үзилиске ушыраған, соның ақыбетинде "Iberia" ҳәм "Air Europa" сыяқлы авиакомпаниялар рейслерди бийкар еткен.

Еслетип өтемиз, 25-июньға өткен түнде Венесуэла арқасында 7,1 баллық жер силкиниўи жүз берди. АҚШтың геологиялық хызмети (USGS) кейинирек магнитудасы 7,2 ҳәм 7,5 болған еки жер силкиниўди 40 секундлық парық пенен бақлағанын мәлим етти. Мәмлекет ҳәкимияты тәрепинен айрықша жағдай жәрияланды.