Мәмлекетлик сатып алыўлар
бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив
буйыртпашылардың улыўма қаржылары 145,6 миллиард сумды қурады.
Көрип шығылып атырған
дәўирде онлайн аукцион арқалы 152 телефон номери сатылған.
Биржа саўдалары
Есап бериў дәўиринде ашық
биржа саўдаларында 17 437 келисим дүзилген.
Полипропилен
Өткен ҳәптеде 3 601,9 тонна
полипропилен саўдаға шығарылып, соннан 2 469,5 тоннасы ямаса 68,6 проценти
сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 493,9 тоннаны қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде барлық маркадағы
полипропиленниң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 17 491,6 мың сумнан 17
080,8 мың сумға түсти. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 42 қарыйдар қатнасты.
Аммиаклы селитра
Өткен ҳәптеде биржа саўдаларында 24 250,0 тонна аммиак
селитра сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 1 583 қарыйдар қатнасты.
Орташа күнлик сатыў көлеми 4 850,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде аммиак селитрасының
күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 3 859,1 мың сумнан 3 799,1 мың сумға
шекем төменледи.
Бийдай
Өткен ҳәптеде биржа саўдалары арқалы 82 096,8 тонна
бийдай сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 148 қарыйдар қатнасты.
Орташа күнлик сатыў көлеми 16 419,4 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде бийдайдың күнлик орташа
баҳасы бир тоннасы ушын 3 345,9 мың сумнан 3 297,3 мың сумға шекем арзанлады.
Барлық товарлардың ҳәптелик баҳалары менен силтеме
арқалы танысыў мүмкин.