Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма қаржылары 199,9 миллиард сумды қурады.

Көрип шығылып атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 172 телефон номери сатылған.

Биржа саўдалары

Есап бериў дәўиринде ашық биржа саўдаларында 16 637 келисим дүзилген

Полиэтилен

Өткен ҳәптеде биржа саўдаларына 3 527,5 тонна полиэтилен қойылып, соннан 3 517,5 тоннасы ямаса 99,7 проценти сатылды. Орташа суткалық саўда көлеми 703,5 тонна.

Көрип шығылып атырған дәўирде полиэтиленниң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 18 266,5 мың сумнан 17 817,0 мың сумға түсти. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 68 қарыйдар қатнасты.

Цемент

Биржа саўдаларына 587 236,0 тонна цемент қойылып, соннан 203 213,0 тоннасы ямаса 34,6 проценти сатылды. Орташа күнлик сатыў көлеми 40 642,6 тоннаны қураған.

Көрип шығылып атырған дәўирде цементтиң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 581,1 мың сумнан 564,7 мың сумға шекем арзанлады. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 74 қарыйдар қатнасты.

Карбамид

Өткен ҳәптеде 8 895,7 тонна карбамид саўдаға шығарылып, соннан 8 849,7 тоннасы ямаса 99,5 проценти сатылды. Өткериўдиң күнлик көлеми орташа 1 769,9 тоннаны қураған.

Көрип шығылып атырған дәўирде барлық маркадағы карбамидтиң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 5 276,1 мың сумнан 4 929,8 мың сумға шекем төменледи. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 589 қарыйдар қатнасты.

Барлық товарлардың ҳәптелик баҳалары менен силтеме арқалы танысыў мүмкин.