Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы мәденият министриниң биринши орынбасары - Кинематография агентлиги директоры Жаҳонгир Аҳмедов мәлим етти.

"Ендиги ўазыйпа - хызметкерлердиң мийнет ҳақы бойынша 3 миллиард сумнан аслам қарыздарлығын қаплаў. Бул қарыздарлықты да қаплаў режелестирилген.

Ең аўыр мәселе "Өзбекфильм"ниң 22 миллион евро муғдарындағы кредит миннетлемеси болып қалмақта.

Ҳәзирги ўақытта киностудия ҳәм оған тийисли 10 гектар жер майданын гиреўден шығарыў, кредит қаржыларын қаплаў бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте жумыс алып барылмақта.

"Өзбекфильм" кризис белгиси емес, миллий киноның белгиси болыўы керек", - деп жазды Жаҳонгир Аҳмедов Telegram-каналында.