Быйыл республикамыз бойынша 18921 хожалықты еки
басқышлы системаға өткериў режелестирилген.
Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – тутыныўшылардың
тәбийий газден қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў ҳәм хожалықларға бир тегис
тәбийий газ жеткерип бериў болып табылады. Онда хожалықлардағы электрон газ
есаплаў үскенелериниң алдына регуляторлар орнатылып, бул регуляторлар
хожалықларға тәбийий газдиң бир тегис жетип барыўын тәмийинлейди.
– Газ тәмийнаты тараўы қәнигелери гүзги-қысқы мәўсимге
таярлық көриў жумыслары менен бир қатарда өткен 2025-жылы газ тәмийнатын
модернизациялаў, хожалықларды еки басқышлы системаға өткериў жумысларын да
нәтийжели алып барды, – дейди “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты
филиалының Газ объектлеринен нәтийжели пайдаланыў бөлими жетекши инженери
Жолдас Халмуратов.
2025-жылы режеде белгиленген 25573 хожалықты еки
басқышлы системаға өткериў жумыслары нәтийжели әмелге асырылды.
Быйылғы
жылда да бул жумыслар даўам еттирилип, республикамыздың қала ҳәм районларында
хожалықларға орнатылған электрон газ есаплаў үскенелериниң алдына регуляторлар
орнатыў жумыслары реже тийкарында алып барылмақта.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.