Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилериниң басшылығында Жоқары мәмлекетлераралық кеңестиң үшинши мәжилиси өткерилиўи режелестирилген.

Саммит күн тәртибинен Өзбекстан - Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў мәселелери орын алған.

Товар алмасыў көлемин арттырыў, исбилерменлер ҳәм аймақлар дәрежесинде кооперацияны тереңлестириў, транспорт-транзит тараўындағы имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў, жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў дыққат орайында болады.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли тәреплери бойынша да пикир алысады, көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелерин додалайды.

Сөйлесиўлер жуўмағында салмақлы ҳүжжетлер топламына қол қойылыўы, сондай-ақ, бир қатар экономикалық ҳәм гуманитарлық жойбарлардың басланыўы нәзерде тутылмақта.

Усы күнлерде Өзбекстанда еки мәмлекет аймақларының форумы ҳәм басқа да биргеликтеги илажлар болып өтип атырғанын атап өтиў керек.