Кәрханада миллий кийимлер, буйыртпа тийкарында кәсипке байланыслы арнаўлы кийимлер ҳәм көрпе-төсеклер тигилип, тутыныўшыларға жеткерип берилмекте. Миллий кийимлер, тийкарынан, Қазақстанға экспорт етилмекте.

- Көп жылдан берли усы тигиў цехында ислеп атырман. Кәрханамыздың буйыртпашылары көп. Жәмәәтимиз татыў, - дейди шеберлерден бири Гүлбәҳәр Оразниязова.

Бул жерде мәўсимлик түрде студент ҳәм мектеп оқыўшылары да шаңарағына қосымша дәрамат табыў ушын ислейди. Сондай-ақ, жумысты үйге алып ислеў жолға қойылған.

Хожели районы "Мустақиллик" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Комилжан Алламбергенов қыйтақ жеринен үнемли пайдаланбақта. Шаңарақ ағзалары менен бирге бир гектар жерде таза мийўе-овош ҳәм палыз егинлерин жетистирип, қосымша дәрамат табады.

- 2017-жылы Президентимиз бенен ушырасыў бахтына миясар болдым. Буннан кейин бағшылықты раўажландырыў ушын жәрдем берилип, салықлар бойынша жеңилликлер енгизилди. Сол ушырасыўдан руўхый күш алып, ислерим де жүрисип кетти. Басқа ўәлаятлардан жақсы сортлы мийўе нәллерин алып келип отырғызыўды басладым. Ҳәзир бағымыз гүллеп-жаснап атыр, - дейди Комилжан Алламбергенов. - Пал ҳәррешилик пенен де шуғылланамыз. Мийўелерден тәбийий сирке таярлайман, ерик қақлайман. Нәл жетистирип, сатаман. Қулласы, үйимизде бос отырған адамның өзи жоқ. Азан менен турып таза ҳаўада егинлерди тәрбиялаймыз. Дәраматымыз өзине жараса. Ақыры мийнет еткен адам жақсы жасайды. Исбилерменлик, фермерлик пенен шуғылланаман дегенлер ушын барлық имканиятлар бар. Тек ғана шын кеўилден мийнет етиў, ҳәрекеттен тоқтамаў керек.

Хожели районы мебель таярлаў бойынша жетекши орынды ийелейди. Районда ислеп шығарылған мебеллердиң өтимлилиги сапасының жақсылығы ҳәм баҳасының арзанлығында. "Тынышлық" мәкан пуқаралар жыйынындағы "Рахат Оразымбетов" мебель ислеп шығарыў кәрханасы отыз жылдан берли жумыс ислеп келмекте.

- Елимизде исбилерменлер ушын жаратылып берилип атырған имканиятлардан пайдаланып, жумысымызды жетилистирип бармақтамыз. Германиядан алып келинген үскенелер жумысымызды жеңиллетип, өнимлеримиздиң сапалы шығыўына тийкар болмақта. Сондай-ақ, устаз-шәкирт дәстүри жолға қойылған. Жасларға өнер үйретиў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратып келемиз, - дейди исбилермен Саида Мавлонберганова.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде өзине тән жаңа система - Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық раўажландырыўды жеделлестириў мақсетинде ўәлаятларды Қарақалпақстан Республикасы районларына бириктириў әмелияты жолға қойылған еди. Бул ийгиликли баслама бүгин өзиниң әмелий нәтийжелерин бермекте.

Бухара ўәлаяты ҳәм Хожели районының әмелий бирге ислесиўи менен усы ўақытқа шекем үйинде тек ғана жүннен әпиўайы гилем тоқыў менен шуғылланып келген 15 ҳаял-қыз Бухараға мирәт етилди.

Олар 10 күн даўамында белгили "Бухара жипек гилем орайы" шаңарақлық кәрханасында болып, бухаралы уста-өнерментлерден жипектен гилем тоқыўдың әййемги сырларын үйренди. Жүн гилемге салыстырғанда бир қанша қурамалы, бирақ дүнья базарында жоқары баҳаланатуғын жипек гилем тоқыўды өзлестирген ҳаял-қызлар енди жаңа тармаққа тийкар салмақта. Хожели районының өзинде де жипектен гилем тоқыў орайларын ашыў ҳәм сол арқалы жүзлеген жергиликли ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў нәзерде тутылған.

- Бундай жойбарлар тек ғана еки аймақ арасындағы экономикалық ҳәм мәдений байланысларды беккемлеп қоймастан, ал Аралбойы ҳаял-қызларының социаллық белсендилигин арттырыў, оларды дәрамат дәреги менен тәмийинлеўде әҳмийетли көпир ўазыйпасын атқарады. Бухара тәжирийбеси тийкарында Хожелиде бой тиклейтуғын жаңа гилемшилик орайлары жақын келешекте Қарақалпақстан бренди астында дүнья базарларына нәзик жипек гилемлерди шығарыў имканиятын береди, - дейди Бухара ўәлаяты ҳәкиминиң орынбасары Ҳафиза Ортиқова.

Хожели районындағы Байтерек ҳәм Муртазабий мәҳәллелерин байланыстырыўшы Т.Ибрагимов көшесиндеги пиядалар көпири қайта оңланып, пайдаланыўға тапсырылды. Ол халықтың күнделикли қатнаў жолы болып, жыллар даўамында қараўсыз қалған ҳәм көплеген машқалалар туўдырып келген. Машқаланы шешиў мақсетинде жергиликли исбилермен Улуғбек Бобожонов өз есабынан көпирди толық қайта оңлады. Көрип турғанымыздай, исбилерменлер тек ғана өндирис, пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў менен шекленип қалмастан, саўаплы ислерге де қол урмақта.

Райондағы Таскөпир мәҳәллесинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында "Нурлы қәдем" мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурып питкерилди. Бул жумыслар исбилермен Перуза Машарипова тәрепинен орынланды. Жойбар ушын жәми 3,7 миллиард сум жумсалып, заманагөй қолайлықларға ийе 120 орынлық балалар бақшасы иске қосылды. Нәтийжеде 16 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди.

Хожели районында исбилерменлер ушын жаратылып атырған имканиятлардан дурыс пайдаланып, жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң саны күн сайын артып бармақта. Әлбетте, булардың барлығы елимизде исбилерменлерге мүнәсибет жақсы тәрепке өзгергенинен дәрек береди.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы