Машраб ҳәм Сарикўй көшелерин қамтып алған жойбардың улыўма баҳасы 18 миллиард сумды қурайды. Соннан 8 миллиард сум республика бюджетинен ажыратылған болса, 10 миллиард сумы исбилерменлердиң қаржысы болып есапланады.

Көшениң улыўма узынлығы 1,2 километр. Бул жерде кең ҳәм қәўипсиз пиядалар ҳәм велосипед жоллары қурылған, заманагөй көклемзарластырылған, фонтанлар ҳәм ҳәр қыйлы жақтыландырыў элементлери орнатылған. Сондай-ақ, селфи, ашық спорт майданшалары, балалар ушын экологиялық майданлар ҳәм шаңарақлық дем алыў орынлары шөлкемлестирилген.

Бул жердеги 35 саўда объектинде 30 исбилерменлик субъекти тәрепинен күни-түни хызмет көрсетилмекте. Жойбар шеңберинде 100 жаңа жумыс орны жаратылды. Көше күнине 10 мыңнан аслам халық ҳәм туристлерди қабыллаў имканиятына ийе.

Мәмлекетимиз басшысы көше бойлап жүрип, халық ҳәм исбилерменлер менен шын кеўилден сәўбетлести.