Бул мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған идеялар ҳәм белгилеп берилген тапсырмалар тек ғана қурылыс материалларын ислеп шығарыўшылар емес, ал пүткил қурылыс комплекси алдында жаңа жуўапкершилик ҳәм имканиятлар есигин ашпақта.
Бүгинги күнде қурылыс мәмлекет экономикасының ең белсенди ҳәм ең тез раўажланып атырған тармақларынан бири. Кейинги жыллары "Өзбекстан - 2030" стратегиясы шеңбериндеги кең көлемли дөретиўшилик жумыслары, заманагөй турақ жайлар, санаат кәрханалары, социаллық тараў инфраструктурасы объектлери ҳәм жаңа қалалардың қурылысы қурылыс материалларына талапты кескин арттырды. Нәтийжеде қурылыс материаллары санааты енди әпиўайы өндирис тармағы емес, ал экономикалық өсиўдиң әҳмийетли драйверине айланбақта.
Президентимиз мәжилисте атап өткениндей, буннан 10 жыл бурын елимизде ислеп шығарылған қурылыс материалларының ассортименти оғада шекленген еди. Тийкарынан гербиш, цемент, қум-шебен, айна ҳәм шифер сыяқлы өнимлер ислеп шығарылатуғын еди, олар қурылыста пайдаланылатуғын материаллардың тек 30-40 процентин қамтып алатуғын еди. Бүгинги күнге келип болса жағдай түп-тийкарынан өзгерди. Тараўға 12 миллиард доллардан аслам инвестиция тартылып, 4 мыңнан аслам заманагөй кәрхана шөлкемлестирилди. Нәтийжеде цемент, базальт, газоблок, керамикалық буйымлар, қурғақ қурылыс араласпалары, энергия үнемлеўши материаллар ҳәм басқа да көплеген өнимлер бойынша ишки талапты толық қаплайтуғын қуўатлықлар жаратылды.
Ең әҳмийетлиси, бүгин жаңа турақ жайлар, социаллық тараў, инфраструктура объектлерин қурыўда пайдаланылып атырған материаллардың дерлик 98 проценти елимизде ислеп шығарылмақта. Бул болса тек ғана импорттың орнын басыў емес, ал экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етпекте. Кейинги жыллары тармақтағы өндирис көлеми 7 триллион сумнан 53 триллион сумға жеткени, экспорт көлеми болса 1,2 миллиард долларға шыққаны буны айқын тастыйықлайды.
Ҳәзирги ўақытта тараў ўәкиллери алдында және де үлкен ўазыйпалар тур, Халықты турақ жай менен тәмийинлеў бойынша қабыл етилген узақ мүддетли бағдарламада 2040-жылға шекем қурылатуғын турақ жайлардың санын 2 есеге арттырыў, "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң санын 120 ға жеткериў белгиленген. Буннан тысқары, ҳәр жылы онлаған миллион квадрат метр коммерциялық ҳәм санаат объектлери пайдаланыўға тапсырылмақта. Булардың барлығы қурылыс материалларын ислеп шығарыўшылардың алдына үлкен ўазыйпаларды қоймақта.
Видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен айрықша итибар қаратылған мәселелерден бири сапа ҳәм стандартлар болды. Енди қурылыс материаллары санааты тек ғана өндирис көлеми менен емес, ал өнимниң сапасы, энергия нәтийжелилиги, экологиялық қәўипсизлиги ҳәм халықаралық стандартларға сәйкеслиги менен де бәсекилесиўи керек. Әсиресе, атом электр станциясы, Жаңа Ташкент қаласы, жаңа халықаралық аэропорт, автомобиль жоллары ҳәм басқа да мегажойбарларда пайдаланылатуғын материалларға қойылатуғын талаплар пүткиллей жаңа басқышты талап етпекте.
Бул бағдарда жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын үлкен имканиятлар жаратылмақта. Президентимиз тәрепинен ири жойбарларда жергиликли ҳәм импорт өнимлер ушын теңдей шараят жаратыў бойынша жаңа механизмлерди енгизиў ўазыйпасы қойылды. Бул болса жергиликли кәрханаларды сапа ҳәм инновациялар бойынша және де жедел ислеўге ийтермелейди.
Мәжилисте энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бүгин дүнья барған сайын "жасыл экономика" принциплери тийкарында раўажланбақта. Қурилис та буннан шетте қалмайды. Энергия үнемлеўши қурылыс материалларынан пайдаланыў тек ғана халықтың қәрежетлерин азайтады, ал мәмлекеттиң энергетика системасына түсип атырған жүклемени де сезилерли дәрежеде азайтады.
Қәнигелердиң есап-санақларына бола, имараттың фасады ҳәм төбесин ыссылық сақлаўшы заманагөй материаллар менен қаплаў және энергия үнемлеўши айналар орнатыў арқалы энергия жумсалыўын 30 процентке шекем азайтыў мүмкин. Бул болса бүгинги шараятта оғада әҳмийетли.
Қашқадәрья ўәлаятының Қамаши районында әмелге асырылып атырған тәжирийбе жойбары мине усы мақсетке хызмет етпекте. Халықаралық тәжирийбелер тийкарында ислеп шығылған жаңа көзқарас арқалы қурылған турақ жайларда энергия жумсалыўы 25-30 процентке, қурылыс өзине түсер баҳасы болса 20 процентке азайыўы күтилмекте. Президентимиз бул тәжирийбени республика бойлап ғалаба ен жайдырыў зәрүрлигин айрықша атап өтти.
Бүгинги күнде қурылыс материаллары санааты алдында турған және бир әҳмийетли ўазыйпа экспорт географиясын кеңейтиў болып есапланады. Қоңсы мәмлекетлердиң өзи жылына 13 миллиард долларлық қурылыс материалларын импорт етпекте. Бул болса жергиликли ислеп шығарыўшылар ушын үлкен базар ҳәм жаңа имканиятлар дегени. Президентимиз тәрепинен экспортты арттырыў ушын дәстүрий емес қатнасларды қолланыў, сырт еллерде үлги энергия үнемлейтуғын жайлар қурыў ҳәм жергиликли өнимлерди жедел үгит-нәсиятлаў бойынша анық тапсырмалар берилди.
Сондай-ақ, тараўда халықаралық сертификатлаў системасын кеңнен енгизиў, сертификатланған өнимлердиң бирден-бир электрон платформасын жаратыў да әҳмийетли ўазыйпалар қойылды.
Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги ушын усы видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалар қолланба болып хызмет етеди. Биз қурылыс материаллары санаатын жаңа басқышқа алып шығыў, сапа ҳәм қәўипсизлик стандартларын күшейтиў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм жергиликли ислеп шығарыўшылардың экспорт потенциалын арттырыў жолында барлық зәрүр илажларды көремиз.
Заманагөй, қолайлы ҳәм қәўипсиз турақ жайлар, бәсекиге шыдамлы экономика және инсан мәплерине хызмет ететуғын инфраструктура, бәринен бурын, сапалы қурылыс материалларынан басланады. Қурылыс материаллары санаатын раўажландырыў болса жаңа Өзбекстанның узақ мүддетли раўажланыўы ҳәм халқымыздың абаданлығының беккем тийкарын жаратады.
Шерзод ҲИДОЯТОВ
қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри