Өзбекстан - Дания қатнасықларын сиясий, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
Еки тәреплеме бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өткен жылы Данияға Өзбекстанның резиденциясы Стокгольм қаласында болған биринши елшиси тайынланды. Усы жылы Дания Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкилин тайынлады.
Кейинги жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми дерлик бес есеге артты. Данияның жетекши компанияларының қатнасыўында Өзбекстанда таў-кән, химия ҳәм азық-аўқат санааты, аўыл хожалығы, суў тәмийнаты ҳәм басқа да тараўларда биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.
Өз-ара саўда көлемин және де арттырыў, Дания инвестициялары, алдыңғы технологиялары ҳәм ноу-хауларын энергетика, фармацевтика, транспорт ҳәм логистика, агросанаат комплекси ҳәм басқа да перспективалы бағдарларға тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Билимлендириў, мәденият ҳәм туризм тараўларында байланысларды раўажландырыў ушын салмақлы потенциал бар екенлиги атап өтилди.
Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди системалы түрде кеңейтиў ушын институционаллық ҳәм шәртнамалық-ҳуқықый тийкарларды және де беккемлеў бойынша келисимге ерисилди.