Сөйлесиў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз жетекшисине Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Тәжикстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Барлық бағдарлардағы еки тәреплеме шерикликтиң жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артып бармақта, энергетика, санаат, аўыл ҳәм суў хожалығындағы кооперациялық жойбарлар жеделлеспекте.

Жаңа басламаларды, соның ишинде, аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар шеңберинде ислеп шығыў әҳмийетли екени атап өтилди.