Бүгин электр энергиясын ислеп шығарыў қуўатлықларын арттырыў экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, барған сайын артып баратырған тутыныў талабын қанаатландырыўдың әҳмийетли шәртине айланды. Мәмлекетлер бул бағдарға көбирек қаржы киргизиў арқалы энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге умтылмақта. Ҳәттеки, усы жылы глобал энергетика тараўына бағдарланатуғын инвестиция көлеми рекорд дәреже - 3,4 триллион долларға жетиўи күтилмекте.

Бул санлар Өзбекстан әмелиятында да артып бармақта. Кейинги он жылда мәмлекетимизге тартылып атырған инвестициялардың үлкен бөлеги электр энергиясы, атап айтқанда, "жасыл" энергетика жойбарларының үлесине туўра келмекте. Дүньяға белгили гигант компаниялар менен бирге ислесиў усы бағдарда бираз жоқары. Олардан бири Саудия Арабстанының “ACWA” компаниясы болып табылады. Улыўма баҳасы 120 миллиард доллардан аслам активлерге ийе бул компания Өзбекстанның "жасыл" энергетика тараўындағы ең ири инвесторларынан бири болып, елимизде бул бағдардағы жойбарларға киргизген инвестициясының көлеми 15 миллиард долларға жетти.

Бул тек ғана энергетиканың бир бағдарындағы санлар. Тараўдың басқа бағдарлары, атап айтқанда, дәстүрий усылда электр энергиясын ислеп шығарыў, жергиликли генерация қуўатлықларын раўажландырыў, энергияны сақлаў системаларын көбейтиўге қаратылған жойбарларға қызығыўшылық жүдә жоқары. Буған пайтахтымызда өткен V Ташкент халықаралық инвестиция форумында да гүўа болдық. Тек ғана усы бағдарда елиўден аслам инвестордың келиўи глобал майданда бул тараўға талап жоқары екенин көрсетеди.

Жойбарлардың әҳмийети тек ғана экономикалық мәпдарлық емес. Биринши гезекте, халықтың үзликсиз электр энергиясына талабын қанаатландырыў арқалы елимизде энергетика қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған. Кейинги жыллары елимизде электр энергиясы тәмийнаты системасын модернизациялаў, инфраструктураны жақсылаў, тутыныўшыларды сапалы электр энергиясы менен тәмийинлеў, тармақларды түп-тийкарынан жаңалаў тийкарғы ўазыйпаға айланғаны соннан.

Ҳәр бир басқыш әҳмийетли

Елимиз халқының саны 38 миллионнан асты. Бул электр тутыныўшылары менен бирге, олардың талабы да артып баратырғанын көрсетеди. Бир ғана мысал, 2023-жылы мәмлекетимизде 8,1 миллион тутыныўшы дизимге алынған болса, 2025-жылға келип 8,7 миллионға жетти. Усы дәўирде электр энергиясын жеткерип бериў көлеми 63,7 миллиард киловатт-саатты қураған.

Ҳәзир бул санлар күнине жаңаланбақта. Атап айтқанда, усы жылдың 24-июнь жағдайына бола, елимизде электр энергиясынан пайдаланыў 11,3 мың мегаватт, өндирис болса 11,7 мың мегаватт сааттан асты. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда бир неше есеге көп. Қалаберди, бүгин тутыныўдың қурамы да түп-тийкарынан өзгермекте. Егер алдынлары шаңарақларда шекленген муғдарда электр үскенелери болған болса, бүгинги күнде ҳәр бир үйде бир неше турмыслық техника қураллары ҳәм санлы қурылмалар жедел қолланылмақта. Бул болса энергияны үнемлейтуғын технологиялар енгизилгенине қарамастан, улыўма тутыныўдың артыўына алып келмекте.

Бирақ, ҳәзирги талапты қанаатландырыў ушын өндирис қуўатлықларын арттырыўдың өзи жетерли емес. Электр тогын сапалы, үзликсиз жеткерип бериў де талапқа жуўап бериўи керек. Тараўда турақлы реформалар болып атырғаны соннан.

Негизинде электр энергиясы ҳәм тәбийғый газге талаптың кескин артыўы экономикалық раўажланыўдың тәбийғый нәтийжеси болып есапланады. Өзбекстан болса кейинги он жылда экономикасы жедел өсип атырған мәмлекетлерден бирине айланды. Барлық тараўлардағы раўажланыўлар, халықтың санының өсиўи, санаат өндирисиниң көлеми кеңейиўи ҳәм турақ жай қурылысының жеделлесиўи энергетика системасына түсип атырған жүкти мисли көрилмеген дәрежеде арттырды. 2017-2025-жыллар даўамында 350 мыңнан аслам жаңа квартира пайдаланыўға тапсырылғаны көлемди және де айқын көрсетеди.

Егер 2016-жылы мәмлекет бойынша электр энергиясынан пайдаланыў 45,7 миллиард киловатт-саатты қураған болса, 2025-жылға келип дерлик 71 миллиард киловатт-саатқа жетти. Бул болса система алдына пүткиллей жаңа талаплар қойып, алдыңғы технологиялар ҳәм заманагөй жойбарларды және де жедел әмелге асырыўға ийтермелемекте.

Бүгинги күнде елимиз бойлап 271 мың километр электр тармағы арқалы тутыныўшыларға электр энергиясы жеткерип берилмекте. Сондай-ақ, 35-110 киловатт кернеўли 325 подстанция, 106 мыңнан аслам трансформатор пункти ислемекте. Бул объектлердиң сезилерли бөлеги 40 жылдан аслам ўақыт даўамында эксплуатация етилген болып, оларды басқышпа-басқыш жаңалаў зәрүрлиги келип шықпақта.

Жойбарлардың әҳмийети сонда көринеди, қанша көп қаржы тартылып, система заманагөйлестирилсе, нәтийжелилик көрсеткиши сонша артып бара береди. Мәселен, 2023-2025-жыллардағы бағдарламалар шеңберинде жәми 29 мың километр электр тармағы, 195 подстанция ҳәм 9 мыңнан аслам трансформатор пункти жаңаланды. Буның ушын 6,6 триллион сум қаратылды. Нәтийжеде электр тармақларының қуўатлылығы 2900 мегавольт амперге арттырылып, 4,9 мыңнан аслам мәҳәлледе жасайтуғын 5,7 миллион хожалық ҳәм онлаған ири санаат кәрханалары турақлы электр тәмийнатына ийе болды.

Ташкент қаласында усы дәўирде дерлик 3 мың километр электр тармағы, 9 подстанция ҳәм 732 трансформатор жаңаланды. Жоқары күшлениўли 29 подстанция модернизацияланып, қосымша электр қуўатлықлары жаратылды. Бул жумыслар ушын 3,9 триллион сум жумсалды. Нәтийжеде пайтахттағы 241 ден аслам мәҳәлледе жасайтуғын 390 мыңнан аслам халықтың шаңарағының электр тәмийнаты сезилерли дәрежеде жақсыланды.

Жойбарлар ҳәр бир аймақта әмелге асырылмақта. Инвестиция қаржылары тийкарынан электр тармақларын модернизациялаў, жаңа подстанциялар қурыў ҳәм санлы трансформацияны енгизиўге қаратылады. Әсиресе, санластырыў тараўындағы өзгерислер халыққа қолайлық жарататуғыны айқын көзге тасланбақта.

Гәп заманагөй электр тоғы есаплағышлары ҳәм оларды басқаратуғын алдынғы АСКУЭ системасы ҳаққында бармақта. Ҳәзирги күнде дерлик барлық ески түрдеги есаплағышлар жаңаларына алмастырылған. Ҳәзирги ўақытта АСКУЭ системасы арқалы 8,9 миллионнан аслам электр есаплағыш мағлыўматлары қайта исленбекте. Алдынғы технология ең әҳмийетли машқалалардан бири болған энергия шығынларының алдын алыўда да нәтийжели екени әмелиятта өз дәлилин тапты. Анық есап-санақ ҳәм электрон қадағалаў бул процессти турақлы басқарып турады. Бул халық артықша төлем қылмаўын да тәмийинлейди.

Жоғалтыўларды азайтыў электр жеткерип бериўде де тийкарғы машқалалардан бири. Әйне ескирген қурылмалар ҳәм система себепли айырым жағдайларда ислеп шығарылған электр энергиясының 15-20 проценти тутыныўшыға жетип бармай жоғалтылмақта. Раўажланған мәмлекетлерде бул көрсеткиш 7-8 процент әтирапында болатуғынын есапқа алсақ, ҳәзирги жағдай тармақларды модернизациялаў зәрүрлигин және де күшейтеди. Себеби, жыллық есапта шама менен 6 миллиард киловатт саат энергия жоғалтылыўы 2,5 миллионнан аслам шаңарақтың бир неше айлық тутыныўына тең ресурслардың нәтийжесиз жумсалыўын аңлатады ҳәм бул киши санлар емес.

Кейинги жыллары тараўда системалы қатнас қәлиплесип, үлкен қаржы ажыратылып атырғанының себеби сонда - бар машқалаларды сапластырыў, халықтың үзликсиз электр энергиясына болған талабын қанаатландырыў. Келешекте 2030-жылға шекем мөлшерленген бағдарламалар шеңберинде электр тармақларын кең көлемде модернизациялаў режелестирилген. Соның ишинде, дерлик 10 мың километр жоқары күшлениўли тармақ ҳәм 53 ири подстанцияның қурылысы арқалы техникалық жоғалтыўларды 5-6 процентке шекем қысқартыў нәзерде тутылған. Бул болса энергетика системасының исенимлилигин арттырыў, үзилислерди сапластырыў ҳәм узақ мүддетли турақлылықты тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе болады.

Гүз-қыс мәўсимине таярлық

Бул бағдарда, әсиресе, жоқары жүклеме дәўирлери - жазғы ыссы ҳәм қысқы суўықта электр энергиясына талап кескин артып, тәмийнаттағы үзилислер артатуғын ўақытларға үлкен итибар қаратылмақта. Елимизде бир неше жыл бурын биринши мәрте аномал суўық бақланғанында, тараўдағы кемшиликлер айқын көзге тасланып, бир қатар қыйыншылықлар бақланғаны көпшиликтиң ядында. Бул жағдай тараў алдына анық ўазыйпаларды қойыўға түртки болған еди. Ҳәзир де ҳәр қыйлы факторлар себепли үзилислер бақланып турады, бирақ олардың саны, сапластырыў илажларының тезлиги ҳәм үзилислердиң мүддети бираз қысқарғаны бар гәп.

Буның ушын тараў хызметкерлери жыл даўамында мийнет етпекте. Бир ўақыттың өзинде 2026-2027-жыллар гүзги-қысқы мәўсимине таярлық алып барылмақта. Процессте тийкарғы итибар электр тармақлары инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм оңлаў жумысларына қаратылған. Елимиз бойлап арнаўлы жумысшы топарлар шөлкемлестирилген, ҳәзирги ўақытта 480 арнаўлы оңлаў бригадасы жумыс алып бармақта.

Бүгинги күнде "Аймақлық электр тармақлары" АЖ қарамағындағы 106 142 дана трансформатор пунктиниң техникалық жағдайы үйренилип, олардың 26 мыңға шамаласында оңлаў жумысларын әмелге асырыў керек екенлиги анықланған. Бақланған кемшиликлерди тез ҳәм сапалы орынлаў мақсетинде аймақлар жағдайына қарап қызыл, сары ҳәм жасыл категорияларға ажыратылып, барлығында оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Бүгинги күнге шекем қызыл ҳәм сары категориядағы трансформатор пунктлериниң 80 проценттен көбирегинде оңлаў жуўмақланып, қалған бөлегинде жумыслар даўам етпекте.

Оңлаў жумысларының орынланыўы мәўсимде авариялық жағдайлар жүзеге келмеўин аңлатпайды. Көбинесе бундай жағдайлар тәбият қубылыслары менен байланыслы ҳалда жүз береди ҳәм биз оған бәрқулла таяр турыўымыз керек. Сонлықтан, аймақларда жүзеге келиўи мүмкин болған авариялық жағдайларды жедел сапластырыўға қаратылған зәрүр резервлер жаратылмақта. Соның ишинде, 1 мың 247 тармақ трансформаторы, 660 тонна трансформатор майы, 320 километр кабель, 151 тонна сым және 5 мың 259 таяныш ҳәм басқа да көплеген электр үскенелериниң резерви таярланды.

Сондай-ақ, айрықша жағдайларда оператив илаж көриў мақсетинде 6574 қәнигеден ибарат 1215 авария-тиклеў бригадасы қәлиплестирилген. Олардың хызмети ушын 1056 арнаўлы автомашина ҳәм 437 арнаўлы техника таяр жағдайға келтирилген.

Бул ҳәрекетлер электр тармақларының исенимли жумысын арттырыў арқалы энергетика қәўипсизлиги, экономика тармақлары ҳәм халықты турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде гөзленген.

Анвар ҒАЙБУЛЛАЕВ,

"Аймақлық электр тармақлары" АЖ кәрханасы басқармасы

баслығының биринши орынбасары